Байрам алдынан және бир имарат пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы алдында жаңа имаратлар қурылып, пайдаланыўға тапсырыў жумыслары кең көлемде әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Төрткүл районында халыққа хызмет көрсетиў бағдарында әҳмийетли болған бир қатар объектлер иске қосылды.
Районның “Тазабағжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жеке исбилермен Д.Сабуров тәрепинен қурылған 1000 орынлық “Хан сарай” тойханасының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Илажда район ҳәкими И.Худайбергенов қатнасып, жаңа имараттың ашылыўы мүнәсибети менен бәршени қутлықлады.
Жаңа тойхана жумыс баслаўы арқалы жергиликли халық ушын қосымша жумыс орынлары жаратылды. Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар дәптерине киргизилген 15 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленди, бул болса олардың шаңарағына турақлы дәрамат дәреги болады. Сондай-ақ, илаж даўамында 10 баланың сүннет тойы да шөлкемлестирилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы қала қурылысы тараўындағы жетискенликлерден бири болып, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға, исбилерменликти раўажландырыўға ҳәм жасларды жумыс пенен тәмийинлеўге хызмет етеди.


Ғәрезсизлик байрамы алдынан әмелге асырылып атырған бундай жойбарлар мәмлекетимизде инсан мәплерине қаратылған реформалар избе-из даўам етип атырғанын айқын көрсетпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги