Суўдан нызамсыз пайдаланғаны ушын финанслық жәрийма қолланыў ҳәм қолланылған жәрийманы өндириў мәселелери

Бизге белгили, суўдан нызамсыз пайдаланғаны ушын жуўапкершилик илажларының бири – финанслық жәрийма болып есапланады. Финанслық жәриймалар Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 19-марттағы 82-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы тәртиби ҳаққында”ғы режениң 60-статьясында нәзерде тутылған муғдарларда белгиленеди.
Финанслық санкцияларды қолланыў ҳуқықый тәсир илажы есапланады.
Қадағалаўшы уйымлардың ҳуқықый тәсир шараларын қолланыў ҳаққындағы арза менен экономикалық судларға мүрәжат етиў ҳуқықы Экономикалық процессуал кодексиниң 217-статьясында белгилеп қойылған.
Белгиленген тәртипке бола, ҳуқықый тәсир шарасын қолланыў ҳаққындағы арза судқа жазба түринде бериледи. Оған арза бериўши ямаса оның ўәкили тәрепинен қол қойылды.
Судқа ҳуқықый тәсир шарасын қолланыў ҳаққындағы арзада суд, исте қатнасып атырған шахслардың атлары ҳәм олардың жайласқан ҳәм жасайтуғын орны, ҳуқықбузарлық фактин анықлаған қадағалаўшы уйымның аты, билдирилген талапқа тийкар болған жағдайлар, билдирилген талаптың тийкарларын тастыйықлаўшы дәлиллер, юридикалық шахстың ямаса пуқараның судқа мүрәжат етиўине тийкар болған ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, арза бериўшиниң талабы, жуўапкер менен даўды судқа шекем шешиў тәртибине әмел етилгени ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетиледи.
“Өзбекстан Республикасында суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы тәртиби ҳаққында”ғы режениң 60-статьясында, суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшыларына олар тәрепинен аўыл хожалығы, балықшылық хожалығы, санаат, энергетика ҳәм коммунал-турмыслық зәрүрликлер ушын суў алыў тәртиби бузылған жағдайда:
суў тутыныўшылары тәрепинен лимиттен артық суў алынғаны ушын – лимиттен артық алынған ҳәр мың куб метр суў ушын – белгиленген базалық есаплаў муғдарының 20 проценти муғдарында;
суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшылары тәрепинен суў алыў орынларын суўды басқарыў ҳәм есапқа алыў қураллары менен үскенелемей суў алыў, суў алыўға рухсат етилмеген орынлардан, сондай-ақ, шәртнама дүзбестен суў алғаны ушын – алынған ҳәр мың куб метр суў ушын – белгиленген базалық есаплаў муғдарының 30 проценти муғдарында;
суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшылары тәрепинен арнаўлы суўдан пайдаланыў рухсатнамасысыз суў алғаны ямаса суўдан пайдаланғаны ушын – алынған ҳәр мың куб метр суў ушын – белгиленген базалық есаплаў муғдарының 40 проценти муғдарында;
суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суў тутыныўшылары тәрепинен суўды өзбасымшылық пенен ийелеп алғаны ушын – алынған ҳәр мың куб метр суў ушын – белгиленген базалық есаплаў муғдарының 30 проценти муғдарында жәрийма санкциялары қолланылады.
Бир жыл даўамында суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныў тәртиби қайта бузылған жағдайда, усы бәнтте көрсетилген жәрийма санкциялары он есе муғдарында қолланылады.
Аўыл хожалығы суў тутыныўшыларына лимиттен артықша суў алғаны ушын жәрийма санкциялары бир жылда еки мәрте (гүзги-қысқы ҳәм вегетация дәўирлериниң жуўмақлары бойынша), қалған суў тутыныўшылары ушын болса – календарь жыл жуўмақлары бойынша бир мәрте қолланылады.
Суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳаққындағы шәртнамаларда усы бәнтте көрсетилген жәрийма санкцияларынан тысқары басқа қосымша жуўапкершилик илажлары да нәзерде тутылыўы мүмкин.
Режениң 61-статьясында, усы режениң 60-бәнтинде көрсетилген жәрийма санкциялары, белгиленген тәртипте:
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен – жасалма суў объектлеринен суў алыўда;
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериў министрлиги ҳәм Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының аймақлық уйымлары тәрепинен – тәбийғый суў объектлеринен суў алыўда қолланылыўы белгиленген.
Экономикалық процессуал кодексиниң 218-статьясы екинши бөлими 4-5-бәнтлеринде ҳуқықый тәсир шараларын қолланыў ҳаққындағы арзада билдирилген талапқа тийкар болған жағдайлар ҳәм билдирилген талаптың тийкарларын тастыйықлаўшы дәлиллер көрсетилиўи керек екенлиги белгиленген. Усы статьяның бесинши бөлимине бола, усы статьяда нәзерде тутылған талапларды бузған ҳалда берилген ҳуқықый тәсир шараларын қолланыў ҳаққындағы арза усы кодекстиң 155-статьясында белгиленген қағыйдалар бойынша арза бериўшиге қайтарылыўы керек.
Усы тийкарда суд даўа арзасын қайтарыў ҳаққында қарар шығарады.
Даўагерге қарарда көрсетилген кемшиликлер сапластырылғаннан соң, судқа қайта мүрәжат етиў ҳуқықы түсиндириледи.
Ҳуқықый тәсир шараларын қолланыў ҳаққындағы ислерди көрип шығыўда айрықша ажыралып туратуғын жағдай сонда, судлар иске қатнасыўшы шахсларды суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында, атап айтқанда, жуўапкерди хабардар етиў миннетлемесин арза бериўшиге жүклеўге ҳақылы.
Экономикалық процессуал кодексиниң 221-статьясына бола, ҳуқықый тәсир илажын қолланыў ҳаққындағы ис исти суд додалаўына таярлаў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күннен артық болмаған мүддетте көрип шығылыўы керек, бунда арза судқа келип түскеннен кейин кеминде бир айдан соң қаралатуғын финанслық санкцияларды қолланыў ҳаққындағы ислерден тысқары.
Судта ис көрип шығылып атырғанда суд финанслық санкциялар суммасының есап-санағы қаншелли дурыс екенлигин тексереди. Бул категориядағы ис бойынша келисим шәртнамасы ямаса медиатив келисим дүзилиўине жол қойылмайды.
Көринип турғанындай, нызамшылықта финанслық тәсир шараларын қолланыў тәртиби анық көрсетилген. Оған қатаң әмел етиў арқалы ҳәр қандай даў ямаса мәселени әдиллик пенен шешиў мүмкин.
Г.А.Арзиева,
Нөкис районлараралық экономикалық
судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги