Тараўдағы кемшиликлер додаланып, ўазыйпалар белгиленди

246

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратовтың басшылығында 2025-2026-оқыў жылына таярлықтың барысына бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги басшылары, қалалық ҳәм районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң баслықлары, улыўма орта билим бериў мектеплериниң директорлары ҳәм жуўапкер басшы хызметкерлер қатнасты.

Мәжилисте жаңа оқыў жылына нәтийжели таярлық көриў, билимлендириў мәкемелеринде бар шараятларды жетилистириў, оқыў-тәрбия процесин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды. Соның менен бирге, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, муғаллимлердиң маманлығын турақлы арттырып барыў, тараўға заманагөй билимлендириў технологияларын енгизиў ҳәм оқыўшылар ушын мүнәсип билимлендириў орталығын жаратыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Илажда быйылғы мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери де кең түрде талланды. Айырым районлар кесиминде нәтийжелер өз-ара салыстырылып, жоқары көрсеткишлерге ерискен аймақлардың тәжирийбеси үлги сыпатында көрсетип өтилди. Сондай-ақ, төмен көрсеткиш көрсеткен аймақлардың жумыслары да ашық додаланып, оларды сапластырыў бойынша әмелий илажлар белгиленди.

Соның менен бирге, инфраструктура, оқыў қураллары менен тәмийинлеў, педагог кадрлардың жетиспеўшилиги ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер де сын көзқарастан талланып, машқалаларды шешиў бойынша анық ўазыйпалар ҳәм мүддетлер белгиленди.

Илаж соңында жуўапкер басшыларға жаңа оқыў жылын мүнәсип күтип алыў, билимлендириў системасында сапа көрсеткишлерин жақсылаў ҳәм белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы