Балалардың денсаўлығына итибар күшейтилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилип, дәслеп журналистлер Балалар көп тармақлы медицина орайына алып барылып, ол жерде баспасөз конференциясы өткерилди.
Конференцияда усы медицина орайының бас шыпакери Әлима Маткаримова орай тәрепинен 2024-жылы ҳәм 2025-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелери ҳақкында кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, орай тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, емлеў профилактикалық мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм денсаўлықты раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў даўам еттирилмекте.
Бүгинги күнде Республика балалар көп тармақлы медицина орайында 7 бөлим жумыс ислеп турыпты, 235 орынға ийе. Орайдың жумысларыныӊ көлеми кеӊейип, жаӊадан лабораториялық тексериў, жоқары технологиялық емлеў ҳәм диагностикалық усыллар әмелиятқа енгизилди.
Орайда нәрестелер хирургиясы профили бойынша туўма нуқсанлар менен жаңа туўылған нәрестелерге операциялар ислеў жолға қойылып, балаларға жоқары технологиялық операциялар исленип олардың өмирин сақлап қалыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Орайдың лаборатория бөлими жаңадан ИХЛА аппараты ҳәм автомат биохимиялық үскенелер, операциялық микроскоп, ЛОР тараўында эндоскоп аппараты менен тәмийинленип, бет-жақ хирургиясы раўажланып, урологиялық, реконструктивлик, пластикалық хирургиялық операциялар жолға қойылды. Реанимация бөлимлеринде жаңа туўылған нәрестелерге реанимациялық ҳәм анестезиологиялық хызмет көрсетиў де жолға қойылды. Республика қәнигелестирилген Педиатрия илимий-әмелий медицина орайы, Республика Балалар миллий медицина орайының жетекши қәнигелери менен биргеликте операциялар ислеў жолға қойылды. Орай шыпакерлери ҳәм мийирбийкелери қәнигелигин турақлы түрде Ташкент қаласында ҳәм сырт еллердиң раўажланған медицина клиникаларында арттырып келмекте.
Орайдың раўажланыўы оныӊ материаллық-техникалық базасыныӊ беккемлениўи ҳәм барлық бөлимлердиӊ заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи, жоқары маманлықтағы илимий кадрларды – педиатр, балалар хирурги, клиникалық ординаторлар ҳәм шыпакерлерин таярлаў менен биргеликте әмелге асырылмақта. Орай қәнигелери халықаралық илимий конференцияларда баянатлар менен белсене қатнасып, соңғы жылларда Россия, Германия, Беларусь, Түркия, Кувейт, Индия, Корея Республикасы, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлердиӊ жетекши қәнигелери менен тығыз байланыста жумыс алып бармақта. Телемедицинаныӊ раўажланыўы да медицинаныӊ жаӊадан қолға киргизген жетискенликлериниӊ бири болып есапланады. Конференцияда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Буннан соң пресс-тур қатнасыўшылары Республика қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы мәмлекетлик мәкемесиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалының жумыслары менен танысты.

Филиал 230 койкадан ибарат болып, соннан төлемли койкадан гинекология бөлиминде 20, туўыў бөлимлеринде 16, патология бөлиминде 14 койка орын ажыратылған.
– Филиалымызда 4 туўыў, 4 нәрестелер, скрининг, репродуктивлик саламатлық, мәсләҳәт поликлиникасы, оператив гинекология, консерватив гинекология, лаборатория, реанимация, нәрестелер патологиясы, нәрестелер реанимациясы, операция ислеў, кир жуўыў, автоклав, асхана бөлимлери халыққа хызмет етип келмекте,-дейди филиал директорының акушерлик ҳәм гинекология ислери бойынша орынбасары У.Халлиев.
Усы күнге шекем, яғный 2025-жылдың 7 айы даўамында 186 гинекологиялық операциялар исленди. Ҳәзирги күнде халыққа сапалы хызмет етиў ушын Лаборатория бөлими ПЦР аппаратлары менен тәмийнленди. Мәсләҳәт поликлиникасы бөлимине кольпоскопия аппаратлары алып келинди. Шыпакерлер тәрепинен жоқары технологиялық аппаратуралар, яғный, лапроскоп ҳәм гистероскоп аппаратлары жәрдеминде операциялар исленбекте.
Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар филиалда шыпакерлердиң жумыс ислеўи ҳәм пуқаралар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги