Қурылыс товарларын ислеп шығарыў кәрханасының жумысы үйренилди

199

Айрықша итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўды талап ететуғын бағдарлардан бири – бул жергиликли өндиристи раўажландырыў, кәрханалардың нәтийжели жумысын тәмийинлеў ҳәм олар арқалы халықтың бәнтлигин арттырыў болып есапланады.

Әмиўдәрья районы ҳәкими С.Хўжаметов райондағы өндирислик потенциалды арттырыў, атап айтқанда жергиликли кәрханаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың нәтийжели жумысын тәмийинлеў мақсетинде “Әмиўдәрья қурылыс материаллары” ЖШЖ өндирис майданында болды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Сапар даўамында район басшысы кәрханадағы тас ҳәм шебень ислеп шығарыў процесслери менен жақыннан танысты. Бул кәрхана тек ғана район емес, ал пүткил республика көлеминдеги қурылыс тараўы ушын әҳмийетли шийки зат дәреги болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта кәрхананың қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша имканиятлары, өндирис дәрежеси ҳәм өнимге болған талабы ҳаққында мағлыўмат берилди. Ҳәким өндирис процесиндеги техникалық имканиятларды таллап, нәтийжелиликти арттырыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм жумысшы-хызметкерлер ушын қолайлы мийнет орталығын қәлиплестириў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратты.

Сондай-ақ, сапар шеңберинде жумыс процесинде ушырасып атырған айырым машқалалар тыңланды ҳәм оларды сапластырыў бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Аймақтағы экономикалық жеделликти арттырыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде бундай ушырасыўлар турақлы түрде шөлкемлестирилиўи өндирислик потенциалды және де арттырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги