Жаслар ушын заманагөй IT-қалаша жумыс баслады

Жасларды санлы технологиялар тараўына тартыў, шетки аймақларда IT -тараўын раўажландырыў ҳәм оларға заманагөй билимлерди ийелеўи ушын шараят жаратыў бүгинги күнде мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Бул бағдарда мәмлекеттиң барлық аймақларында теңдей имканиятлар жаратыўға итибар қаратылмақта.
Усы жылдың 13-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде бир қатар шетки аймақларда IT-қалашаларды шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген еди. Усы тапсырманың орынланыўы шеңберинде Шымбай районындағы “Кеңес” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңа IT-қалаша қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Жолға қойылған бул жойбар жаслар ушын тек ғана билим алыў орны емес, ал олардың технологиялық потенциалын раўажландырыў, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм санлы дүняға мүнәсип таярлаў имканиятын береди. Президентимиздиң атап өткениндей, IT-қалашалар жоқары маман қәнигелердиң қатнасыўында жумыс алып барыўы, билимлендириў ҳәм әмелий көнликпелерди үйлестириўи зәрүр.
Шымбай районында иске қосылған бул қалаша да әне, усы мақсетлерди қамтып алған ҳалда, республиканың арқа аймақларында жасайтуғын жаслар ушын заманагөй IT-қалаша шөлкемлестирилди.
Бул баслама тек ғана IT тараўын раўажландырыўға хызмет етип қоймастан, ал жаслардың заманагөй билим ҳәм кәсиплерге қызығыўшылығын арттырып, оларды келешекте бәсекиге шыдамлы кадрлар етип қәлиплестириўде әҳмийетли факторға айланатуғынына исенемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги