Байрам алдынан еки жас турақ жайлы болды

148

Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында Қанлыкөл районындағы еки жасқа жаңа турақ жай тапсырылды.

Мәмлекетимизде бағыўшысын жоғалтқан ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың социаллық жақтан қорғалыўын күшейтиў, оларды турақ жайлар менен тәмийинлеў, үлкен турмысқа таярлаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў системасын жетилистириў мақсетинде бир қатар әмелий  илажлар алып барылмақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 9-август күнги қарары мине, усындай жасларды қоллап-қуўатлаўға тийкар болып хызмет етпекте. Усы қарарға муўапық, Қанлыкөл районындағы 2 жасқа жаңа жайлар тапсырылды.

Әлбетте, бундай қайырқомлық илажлары тийисли қарар ҳәм пәрманларға муўапық түрде жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, турақ жайлар менен тәмийинлеў, оларды турмысқа таярлаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының аталарша ғамхорлығы себепли бул жаслардың әрманлары әмелге асты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги