Қубла Корея мектеплеринде телефоннан пайдаланыў қадаған етиледи

175

Қубла Корея парламенти мектеплерде сабақ ўақтында мобиль телефонлар ҳәм смартфонлардан пайдаланыўды қадаған етиўши нызам қабыл етти. Қадаған 2026-жыл март айынан күшке киреди.

Нызам, сондай-ақ, муғаллимлерге тек сабақларда емес, ал мектеп имаратларында да оқыўшыларға телефоннан пайдаланыўды қадаған етиў ҳуқықын береди. Буннан тысқары, мектеплер оқыўшыларға смарт қурылмалардан дурыс пайдаланыўды үйретиў миннетлемесин алады.

Ҳүкимет тәрепинен 2024-жылы өткерилген сораў нәтийжелерине бола, Қубла Кореяның 51 миллион халқының дерлик шерек бөлеги өз телефонларына байланысып қалған. Бул көрсеткиш 10 жастан 19 жасқа шекемги балалар арасында еки есеге жоқары – 43 процентке шекем.

Қарақалпақстан хабар агентлиги