Суў хожалығы тарўында 180 илимий қолланба таныстырылмақта

Бүгин Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери университетинде суў хожалығы тараўындағы исбилерменлер ҳәм илимпазлар арасында ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилмекте.
Илажға 240 қәниге, соның ишинде, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери де қатнаспақта.
Ашықтан-ашық сөйлесиў шеңберинде жоқары билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлердиң илимий хызметкерлери тәрепинен жаратылған қолланбалар көргизбеси де өткерилип, онда 180 илимий қолланба көрсетилмекте.

Мәселен, “KAVSAR” аўыл хожалығы жерлерин электрсиз суў жеткерип бериў жойбары усынылған. Бул қуяш энергиясында ислейтуғын суўғарыў системасы болып, 3,6 кВт қуяш панели ҳәм 15 кВт аккумуляторға ийе. Улыўма баҳасы 220 миллион сумды қурайды, соның есабынан фермер 15 гектар жерди үзликсиз ҳәм үнемли усылда суўғарыў имканиятына ийе болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги