Ҳаял-қызлар исбилерменлиги ушын қолай шараятлар жаратылмақта

151

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың экономикалық белсендилигин арттырыў ҳәм жәмийеттеги орнын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, исбилерменлик бағдарында билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў, ҳаял-қызлардың еркин жумыс баслаўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў әмелдеги реформалардың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған.

Усы мақсетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламалары ҳәм олар тийкарында қабыл етилген қарарлардың орынланыўы шеңберинде Беруний районында ҳаял-қызлар ушын арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестирилди. Бул илажды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби әмелге асырды.

Оқыў семинарында “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған 200 ҳаял-қыз қамтып алынды. Олар ушын арнаўлы бағдарлама тийкарында сабақлар шөлкемлестирилди ҳәм нәтийжеде қатнасыўшыларға белгиленген тәртипте сертификатлар тапсырылды, – деп мағлыўмат берди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Бул оқыў процесслери ҳаял-қызлардың өз бизнесин жолға қойыўы ушын жаңа имканият ҳәм есик ашатуғынын атап өтиў керек. Енди олар өз билимлери ҳәм басламалары тийкарында экономикалық жумысты баслаў, шаңарағы ҳәм жәмийеттиң абаданлығына үлес қосыў имканиятына ийе болады.


Бундай әмелий жойбарлар халық арасында исбилерменлик руўхын қәлиплестириў, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында экономикалық еркинликти хошаметлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги