Депутат самал электр станциясындағы қурылыс жумыслары менен танысты

Қараөзек районында Саудия Арабстанының “ACWA Power ” компаниясы тәрепинен қурылып атырған, қуўатлылығы 100 МВт болған самал электр станциясында қурылыс жумыслары алып барылмақта. 108 миллион АҚШ доллары муғдарындағы бул жойбар мәмлекетимиздиң турақлы энергетика стратегиясының бир бөлеги болып, регионда “жасыл” энергетиканы раўажландырыўға қаратылған. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Бахытбай Алдамуратов усы қурылыс майданында болып, ол жердеги жумыс процеси менен танысты.
Сапар шеңберинде депутат жойбарды әмелге асырыўдың ҳәзирги басқышы менен танысты, техник қәнигелер менен сәўбетлести ҳәм жойбардың аймақтың раўажланыўына социал-экономикалық тәсири мәселелери додаланды.
Ҳәзирги ўақытта жойбардың 65-70 проценти орынланған болып, қурылыс жумыслары усы жылдың октябрь айында толық жуўмақланыўы режелестирилген. Станция болса ноябрь айында жумыс баслайды. Жойбар шеңберинде жәми 16 самал турбинасын орнатыў режелестирилген болып, бүгинги күнде олардың барлығы табыслы түрде қурып питкерилди.
-Бул самал электр станциясы тек ғана заманагөй энергетика объекти емес, ол энергетикалық еркинлик, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў жолындағы алға қойылған қәдем болып есапланады, – дейди депутат Бахытбай Алдамуратов. – Жойбардың жетекши халықаралық инвесторлар менен тығыз бирге ислесиўде әмелге асырылып атырғаны Өзбекстанға исенимли шерик сыпатында исеним артып атырғанынан дерек береди.
Жойбар усы мақсетте арнаўлы шөлкемлестирилген “ACWA Power Wind Karatau FE LLC” компаниясы тәрепинен әмелге асырылмақта. Қол қойылған келисимге муўапық, компания “Өзбекстан миллий электр тармақлары” АЖ менен дүзилген шәртнама тийкарында 25 жыл даўамында электр энергиясын жеткерип береди. Сондай-ақ, Қаржы министрлигиниң ўәкиллигинде инвесторлар ҳәм Өзбекстан ҳүкимети арасында Мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў шәртнамасы (GSA) дүзилген.
Қараөзектеги станция “ACWA Power” компаниясының Өзбекстандағы төртинши жойбары болып есапланады. Буннан алдын компания Өзбекстан менен узақ мүддетли шерикликке садықлығын тастыйықлап, Сырдәрья ўәлаятында пуў-газ қурылмалары орнатылған еки ыссылық электр станциясы қурылысын баслаған еди.
-Ҳәзирги басқышта самал генераторларын орнатыў жумыслары толық жуўмақланды. Яғный, 16 самал турбинасы толық орнатылды. Кейинги басқыш – электр үскенелерин сынақтан өткериў (тест режиминде иске қосыў), электр тармақларына жалғаў, басқарыў ҳәм қадағалаў системаларын толық сазлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул басқышлар табыслы жуўмақланғаннан соң, станция ноябрь айында толық иске қосылыўы режелестирилген,– дейди жойбар басшысы Сардорбек Махмудов жумыс бағдары ҳаққында.
Сондай-ақ, сапар даўамында экология ҳәм халық пенен бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. “ACWA Power” ўәкилиниң сөзлерине қарағанда, компания аймақта социаллық басламаларды, соның ишинде, жергиликли қәнигелерди оқытыў бағдарламалары ҳәм инфраструктура жойбарларын қоллап-қуўатлаўды әмелге асырмақта.

Олий Мажлис депутатының бул сапары қайта тикленетуғын энергетика тараўындағы жойбарлар мәмлекетлик структуралардың айрықша итибарында екениниң және бир дәлили болды. Самал энергетикасын раўажландырыў Өзбекстанның альтернатив энергия дәреклериниң үлесин арттырыў стратегиясының тийкарғы элементи болып, оны табыслы әмелге асырыўда халықаралық компаниялар менен бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги