Бажыхана: Усы жыл 1-сентябрьден баслап өткериў пунктлериндеги төлемлер мәлимлеме системасы арқалы өндириледи

Бажыхана операцияларының автоматластырылыўы – коррупциядан аўлақ система жаратыўға хызмет етпекте.
Бажыхана уйымларында ҳәр пийшемби – ҳуқықбузарлықларға қарсы профилактикалық илажлар күни мүнәсибети менен, “Даўыт-ата” шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен пост арқалы ҳәрекетленип атырған жүк автотранспорт қураллары айдаўшыларына бажыхана нызамшылығындағы өзгерислер бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 25-марттағы ПП-57-санлы пәрманына тийкарланып 2025-жыл 1-сентябрьден баслап өткериў пунктлеринде өндирилетуғын барлық түрдеги жыйымлар ҳәм төлемлер бажыхана уйымларының мәлимлеме системасы арқалы өндирилетуғыны ҳәм есабы жүргизилетуғыны бойынша түсиниклер берилди. Бундай нызамшылықтағы өзгерислер, бажыхана уйымларының жумысын автоматластырылған система арқалы әмелге асырыўға қаратылған болып, өз-өзинен коррупция, парахорлық иллетлериниң келип шығыўының алдын алыўға хызмет етеди.




Сондай-ақ, пуқараларға бажыхана шегараларын кесип өтиўде бажыхана нызамшылығына қатаң әмел етиў ҳәм ҳеш қашан бажыхана хызметкерине “пара” усыныс етпеў, бажыхана хызметкериниң материаллық мәпдар болыў жағдайына дус келсе, Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етиўи соралды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги