Бажыханашылар “Мүриўбет” үйи тәрбияланыўшыларының қуўанышына шерик болды

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен орынларда “Ўатан ушын, халық ушын, миллет ушын!” сүрени астында мәмлекетимиз бойлап ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерилмекте.
Байрам мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы майыплығы болған ҳаял-қызлар “Мүриўбет” интернат үйиндеги тәрбияланыўшылар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың физикалық саламатлығын беккемлеў мақсетинде спорт жарыслары шөлкемлестирилди.
Эстафета ойынларында белсене қатнасқан тәрбияланыўшылардың ойлап табыўшылығы, жеделлиги ҳәм тез ҳәрекет етиўи Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери ҳәм мәкеме администрациясы тәрепинен әдил баҳаланып барылды.
Спорт жарыслары байрам илажына уласып, онда мәденият тараўы ўәкиллери тәрепинен ана-ўатанымызды жырлаўшы қосықлар атқарылды.

Илажда мәкеме тәрбияланыўшылары да белсене қатнасып, өзлериниң дөретиўшилик қәбилетлерин көрсетти. Бажыхана хызметкерлери тәрбияланыўшыларға байрам қутлықлаўын жоллап, саўғалар тарқатты.
Бундай илажлар қатнасыўшылардың саламат ҳәм мазмунлы турмыс кешириўине хызмет ететуғынын, олардың жәмәәттеги дослық қатнасықларын беккемлейтуғынын атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги