БМШ ўәкили Өзбекстанның коррупцияға қарсы сиясатындағы әҳмийетли реформаларды жоқары баҳалады

139

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры Акмал Бурхонов БМШ Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Аўғанстан, Орайлық Азия, Иран ҳәм Пакистан бойынша регионаллық ўәкили Оливер Столпе менен ушырасты.

Ушырасыўда БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясын әмелге асырыў шеңберинде берилген усынысларды әмелге асырыўда ерисилген нәтийжелер ҳәм бар машқалалар додаланды.

Усы жылы Доҳада болып өтетуғын конвенцияға қатнасыўшы мәмлекетлер конференциясы алдынан мәмлекетлер арасында келисилген қатнасларды ислеп шығыў имканиятларын үйрениў, соның ишинде, резолюция жойбарларына усынысларды таярлаў бойынша биргеликтеги режелер көрип шығылды.

А.Бурхонов Өзбекстанның коррупцияға қарсы гүресиў сиясатында халықаралық бирге ислесиў тийкарғы бағдарлардан бири екени, бул бағдарда БМШ структуралары, атап айтқанда, Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы Өзбекстанның басламаларын бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

О.Столпе Өзбекстанның коррупцияға қарсы сиясатындағы әҳмийетли реформалар, атап айтқанда, коррупцияның алдын алыўға қаратылған жаңа превентивлик механизмлерди енгизиў, тараўда санластырыўды раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған ҳәрекетлерди жоқары баҳалады.

Сөйлесиў жуўмағында БМШ ўәкили Агентлик тәрепинен бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша алға қойылған өз-ара пайдалы усынысларды қоллап-қуўатлап, оларды келешекте әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

 

                                                                              ӨзА