“Өзхимиясанаат” ҳәм KOICA менен биргеликте жас илимпазлар ушын жаңа имканиятлар жаратылмақта

145

“Өзхимиясанаат” акционерлик жәмийети ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) арасында гезектеги бирге ислесиў әмелге асырылды.

Оған тийкарланып күни кеше “Өзбекстанда химия технологиялары орайының потенциалын арттырыў” жойбары шеңберинде Кореяда докторантура басқышын даўам еттиретуғын 3 стипендиат пенен шәртнамаларға қол қойылды.

Бағдарламада қатнасыўшы жас илимпазлар Кореяның University of Science and Technology (UST) жоқары оқыў орнында билим алып, кейин ала жаңадан шөлкемлестирилип атырған UzCCTда жумыс алып барады. Олар өз билим ҳәм көнликпелерин мәмлекетимиз химия санаатында инновациялар ҳәм турақлы раўажланыўға бағдарлаўы нәзерде тутылған.

Жәмийет мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, 2021-2027-жылларға мөлшерленген бул жойбар елимиздиң химия санаатының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, заманагөй илимий инфраструктураны жаратыў ҳәм маман қәнигелер таярлаўға қаратылған. Жойбар әмелге асырыла баслағанынан берли 11 магистрант ҳәм 10 PhD студент бағдарлама қатнасыўшысы сыпатында таңлап алынды.

“Өзхимиясанаат” АЖ ҳәм KOICA менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбар тек ғана жас илимпазлардың илимий потенциалын арттырыўда  емес, ал мәмлекетимиз химия санаатында инновациялық шешимлерди енгизиў ҳәм турақлы раўажланыўда айрықша әҳмийетке ийе.

 

ӨзА