Япония менен жоқары билимлендириў тараўында және бир Грант шәртнамасына қол қойылды

137

Бүгин Японияның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Хатори Такаши ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шариповтың қатнасыўында күн шығыс ели ҳүкиметиниң бийғәрез жәрдем бағдарламасы шеңберинде жәми 422 миллион иен – шама менен 2,8 миллион доллар қунға тең Алмасыў ноталарына қол қойылды.

Бул келисим “Кадрлар таярлаў ушын стипендия усыныў” бағдарламасы тийкарында мәмлекетимиздиң мәмлекетлик уйымларындағы  жас хызметкерлери Японияда билим алыўын тәмийинлейди. Сондай-ақ, министримиз JIСА- Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң елимиздеги ўәкилханасының басшысы Бито Ёшибуми жойбар бойынша Грант шәртнамасына қол қойды.

2026-жыл даўамында жас мәмлекетлик хызметкерлерден 18 и япон университетлеринде 2 жыллық магистратура, 1 и 3 жыллық докторантура басқышында билим алыў имканиятына ийе болады. Буның нәтийжесинде жас кадрларымыз мәмлекеттиң раўажланыўы ушын зәрүр қәнигелик билимлерин ийелеп, жәмийетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўы күтилмекте. Улыўма, түрли тараў ҳәм бағдарлар бойынша биргеликте әмелге асырылып атырған бундай жойбарлар Япония ҳәм Өзбекстан қатнасықларын тереңлестириў, бар дослық байланысларын және де беккемлеўге хызмет ететуғыны анық.

Бизге белгили, 2022-жыл декабрь айында Токиода “Орайлық Азия – Япония” сөйлесиўи шеңберинде Сыртқы ислер министрлериниң 9-мәжилиси болып өткен. Сол сөйлесиўлер даўамында еркин ҳәм ашық Орайлық Азияда турақлы раўажланыўға ерисиў ушын “Инсанға инвестиция киргизиў” ҳәм “Өсиў сапасы”на тийкарланған жаңа бирге ислесиў моделин раўажландырыўға қаратылған режелер алға қойылған еди. Бул бағдарлама усы еки бағдар шеңбериндеги жойбарлардың мақсетин өзинде жәмлеген.

Япония ҳүкимети Өзбекстанда кадрлар таярлаў ҳәм еки мәмлекет арасындағы өз-ара түсинисиўди тереңлестириў бойынша ҳәрекетти турақлы даўам еттириў нийетинде.

 

ӨзА