Балаларды социаллық қорғаў жолындағы системалы қатнас

Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!
Бүгинги күнде ҳәр қандай жәмийеттиң турақлы раўажланыўы, бәринен бурын, ондағы балалардың ҳуқықлары, мәплери ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеў дәрежесине тиккелей байланыслы. Сонлықтан, Өзбекстан Республикасында балалардың абаданлығын арттырыў, олардың саламат өсиўи, сапалы билим алыўы ҳәм социаллық теңлик тийкарында камалға келиўин тәмийинлеў жолында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар системалы түрде даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен балалардың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм имканияты шекленген балалар ушын қолайлықлар жаратыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң тийисли қарарына тийкарланып, 2025-жыл 1-марттан баслап тәжирийбе-сынақ түринде басқышпа-басқыш республиканың 7 аймағында 3 жастан 18 жасқа шекемги балалар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги тәрбия хызмети шөлкемлестирилетуғыны белгиленген. Бул тәрбия хызмети Чиназ районының Жол түскен мәҳәллесинде енгизилген болып, бүгинги күнде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жумыс алып бармақта. Оған тартылған балалардың сөйлеўи ҳәм ҳәрекетинде унамлы өзгерислер бақланып, бул тәрбия хызмети балалардың басқышпа-басқыш раўажланыўына өз үлесин қоспақта.

Тараў шеңберинде әмелге асырылған және бир ири реформалардан бири, 2025-жыл 14-июль күни Министрлер Кабинетиниң 440-санлы қарары менен әҳмийетли ҳүжжет – “Балаларға байланыслы зорлық жағдайларын анықлаў, қәўип дәрежесин баҳалаў, қорғаў режесин ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыў тәртиби ҳаққында”ғы Режениң тастыйықланғаны болды.
Бул қарар Өзбекстан Республикасының “Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында”ғы нызамының 27-статьясын әмелде тәмийинлеў ушын әҳмийетли қәдем болды.
Егер бала зорлықтан жәбирленгени ямаса қәўип астында екени анықланса, бул жағдай дәрҳал арнаўлы хабарнама арқалы ўәкилликли уйымларға жеткерилиўи керек. Хабар келип түскеннен соң, ҳәр бир жағдай бойынша бала қәўип дәрежеси баҳаланады. Буннан соң, оған сәйкес индивидуал қорғаў режеси ислеп шығылады ҳәм әмелиятқа енгизиледи. Бул режеде баланың қәўипсизлиги, психологиялық жағдайы, социаллық қорғалыўы ҳәм билим алыўға болған ҳуқықлары есапқа алынады.
Бул процессте төмендеги уйым ҳәм шөлкемлер өз-ара биргеликте жумыс алып барады: ишки ислер уйымлары, денсаўлықты сақлаў системасы, билимлендириў мәкемелери, мәкан пуқаралар жыйыны, социаллық хызметлер орайлары ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер. Бул қатнас ҳәр бир жағдайды итибарсыз қалдырмаў, ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм баланың ҳәр тәреплеме қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған.
“Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында”ғы нызамның 47-статьясына бола, жоқарыдағы тәртипке әмел етпеў, хабар бермеў ямаса қорғаў илажын көрмеў нызамлы жуўапкершиликке алып келеди.
Бул механизм балаларды реал қорғаўға, ҳәр бир жағдайды итибарсыз қалдырмаўға ҳәм институтлараралық анық бирге ислесиўди жолға қойыўға хызмет етеди.
Социаллық қорғаў системасында майыплығы болған балалар менен ислесиў, олардың толық турмысқа қайтыўы ҳәм шаңарақ орталығында тәрбияланыўын тәмийинлеў бағдарында унамлы нәтийжелерге ерисилмекте. Бул бағдарда Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен системалы илажлар әмелге асырылмақта.
2025-жылдың басынан берли Қаршы қаласында жайласқан “Мүриўбет” майыплығы болған балалар ушын интернат үйинде тәрбияланып атырған 21 бала, сондай-ақ, киши көлемли балалар үйинен және 1 бала шаңарақ орталығына қайтарылды. Бул баслама балалардың тәбийғый орталықта, жақынларының меҳир-муҳаббаты менен өсиўине хызмет етпекте.
Ҳәр бир баланың жеке талапларын есапқа алған ҳалда, оларды шаңараққа қайтарыўдан алдын терең үйрениў жумыслары алып барылып, психологиялық жағдайы, социаллық бейимлесиў дәрежеси, медициналық талаплары толық талланады. Ҳәр бир бала ушын өз алдына реже ислеп шығылған. Усы реже тийкарында бала шаңарақ қушағына қайтарылғаннан кейин машқалалар да алдын ала болжанған.
Мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған бул қоллап-қуўатлаўлар арқалы майыплығы болған балалар да толық турмыс кешириў имканиятына ийе болмақта. Шаңарақ орталығы, меҳир ҳәм итибар баланың раўажланыўы ушын ең әҳмийетли социаллық фактор болып қалады. Социаллық қорғаў системасындағы бундай басламалар тек ғана балалар емес, ал оларды қушағына алған шаңарақлар ушын да үлкен имканиятлар есигин ашпақта.
Өзбекстан Республикасында бала ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленген. Әсиресе, балалардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, олардың саламат раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, билимлендириў ҳәм тәрбия алыў ҳуқықын тәмийинлеў және зорлықтан қорғаў бойынша соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалар унамлы нәтийже бермекте. Бул процессте Социаллық қорғаў миллий агентлиги әҳмийетли роль атқармақта. Агентлик тәрепинен имканияты шекленген балалар менен ислесиў, оларды шаңарақ қушағына қайтарыў, күндизги тәрбия хызметлерин жолға қойыў, ҳәр бир баланың талапларын анықлап, оған индивидуал қатнас тийкарында социаллық хызметлер көрсетиў бойынша кең көлемли илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Қалаберди, балаларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес сектор арасында бирге ислесиўди раўажландырыў, атап айтқанда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы күндизги тәрбия хызметлериниң енгизилиўи социаллық қорғаў системасының жаңа басқышқа өтип атырғанынан дәрек береди. Бул баслама тек ғана балалардың саламат раўажланыўын емес, ал шаңарақлардың социаллық-экономикалық турақлылығын тәмийинлеўге де үлкен үлес қоспақта.
Жоқарыдағылардан келип шығып, балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олар ушын қәўипсиз ҳәм меҳирли орталық жаратыў – Социаллық қорғаў миллий агентлиги жумысының орайында турғанын айтыў мүмкин. Бул бағдардағы избе-из ҳәрекетлер арқалы тек ғана ҳәзирги емес, ал келешек әўладтың саламатлығы, билимли болыўы ҳәм бәркамаллығы кепилленбекте.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА