Өзбекстан ҳәм Египет суў хожалығы тараўында бирге ислесиўди беккемлейди

Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министри Шавкат Ҳамроев Египет Араб Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тамир Ҳаммад пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда еки мәмлекетти бирлестирип туратуғын тарийхый-мәдений уқсаслық, әзелий дослық ҳәм тығыз бирге ислесиў айрықша атап өтилди.

Өз гезегинде, сөйлесиў ўақтында Аҳмад Фарғоний мийрасы еске алынды. Ол өз дәўириниң жетик астрономы, математиги ҳәм географы сыпатында Бағдад, Дамаск ҳәм Каирда илимий излениўлер алып барған. Илимпаз 861-жылы Нил дәрьясында суў қәддин өлшеў ушын “Миқёс ан-Нил” қурылмасын қурған болып, бул қурылма дерлик 1200 жыл даўамында үзликсиз хызмет еткен. Бүгинги күнде болса ол туристлер баратуғын әҳмийетли тарийхый естеликке айланған.
Ушырасыўда тәреплер суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, жер асты суўлары резервин үйрениў, суўды үнемлеў технологиялары ҳәм инновациялар тараўында тәжирийбе алмасыў мәселелерин додалады.

– Өзбекстанда да, Египетте де дийқаншылық экономиканың тийкарғы тармақларынан бири болып есапланады. Егин жетистириў ушын болса суў ең әҳмийетли фактор. Биз суўдан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны үнемлеўде үлкен тәжирийбеге ийемиз. Бул бағдарда бирге ислесиўге таярмыз, – деди елши мырза.
Елши Тамир Ҳаммад суў хожалығы министрин усы жылдың 12-16-октябрь күнлери Каир қаласында өткерилетуғын “Суў ҳәптелиги” илажларына да мирәт етти. Ол бул сөйлесиўди жүдә нәтийжели ҳәм есте қаларлық ушырасыўлардан бири сыпатында баҳалады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер суў хожалығы тараўында өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА