Женевада Иран ядросы бойынша сөйлесиў нәтийжесиз тамамланды

147

Иран ҳәм Европа үшлиги – Уллы Британия, Германия ҳәм Франция ўәкиллериниң Женевада болып өткен ушырасыўында сезилерли илгерилеў сезилмеди, деп жазған “Axios” порталы дәреклерге сүйенип.

Ўақыя ески континент мәмлекетлери тәрепинен Ислам Республикасының ядролық бағдарламасы бойынша белгиленген мүддеттен 5 күн алдын жүз берген. Дереклерге бола, АҚШ пенен сөйлесиўди қайта баслаў, БМШ қәнигелерине Израиль ҳүжими нәтийжесинде зыян көрген ядро объектлеринен пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў, қалған 60 процент байытылған уран резерви бойынша қойылған талапты орынлаў бойынша Иран тәрепинен анық қәдемлер усыныс етилмеген.

Сөйлесиў процесинде раўажланыўдың жоқ екенлиги Европа мәмлекетлери тәрепинен егер 31-августқа шекем талап орынланбаса, “Snapback”  механизмин жеделлестириў итималын сезилерли дәрежеде арттырады. “Snapback”  ҳуқықый механизми 2015-жылғы ядро келисиминиң бир бөлеги болып, БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң Иранға қарсы санкциясы қозғатылыўын нәзерде тутады.

С.Раҳимов, ӨзА