Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шериклик байланыслары жаңа басқышқа шықпақта

135

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиў жаңа бағдарларда беккемленип атырғаны бүгинги күнниң әҳмийетли ўақыясы болып есапланады.

Усы процесс шеңберинде Қытайдан келген абырайлы делегацияның мәмлекетимиздиң мәмлекетлик шөлкемлерине сапары да үлкен әҳмийетке ийе.

Қытай Электроника саўда палатасының президенти Ван Нинниң басшылығындағы делегация ҳәм “Өзэлтехсанаат” ассоциациясының жуўапкерлери қатнасыўында Санлы технологиялар министрлиги ҳәм “Өзавтосанаат” АЖда шөлкемлестирилген ушырасыўларда бул ҳаққында сөз болды.

Делегация сапары шеңберинде өткерилген еки тәреплеме сөйлесиўлерде Қытай компаниялары менен бирге ислесиў байланысларын беккемлеў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, автомобиль қурылысы, электротехника ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиў ўақтында биргеликтеги локализациялаў бағдарламаларын кеңейтиў, заманагөй технологиялар трансфери, инвестицияларды тартыў ҳәм қәнигелер арасында тәжирийбе алмасыў бойынша анық усыныслар алға қойылды. Онда әмелий илажларды көриў мақсетинде жумысшы топарлар дүзиў басламасы қоллап-қуўатланды.

Бирлеспе мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, Қытай делегациясының елимиздеги ушырасыўлары еки мәмлекет арасындағы өз-ара исеним ҳәм пайдалы бирге ислесиўге хызмет етеди. Сөйлесиўлерде санаат, автомобиль қурылысы ҳәм санлы технологиялар тараўларындағы биргеликтеги басламалар додаланып, әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған анық бағдарлар белгилеп алынды. Бул болса Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығатуғынына гүман жоқ.

 

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА