Балалар ушын «Тамыр» («Илдиз») китаплар топламы басып шығарылды

Республикалық балалар китапханасында Жаслар ислери агентлиги тәрепинен «Тамыр» («Илдиз») рубрикасы астында басып шығарылған китаплар топламының презентациясы болып өтти.
Бизге белгили, усы күнге шекем агентлик тәрепинен энциклопедист илимпазлар, уллы сәркардалар, ағартыўшы илимпазлардың илимий ҳәм руўхый мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы жас әўладты миллий қәдириятлар ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған ықшам “Жадидлер”, “Ояныў” сыяқлы китаплар топламлары басып шығарылған еди.
Гезектеги басылым 4-7 жастағы балалар ушын мөлшерленген «Тамыр» («Илдиз») топламы болды.
Балалар ушын энциклопедист илимпазлар, уллы сәркардалар, ағартыўшы илимпазлардың илимий ҳәм руўхый мийрасы ҳаққында түсиник оятыў мақсетинде басып шығарылған «Тамыр» («Илдиз») китаплар топламы өзбек халқының терең тамырлары, қәдириятлары ҳаққындағы жойбар болып есапланады.
Уллы ата-бабаларымыздың балалық келбети сәўлелендирилген бул топламда 10 илимпаз ҳәм уллы мәмлекетлик ғайраткерлердиң өмири, илимий-дөретиўшилик жумысы, шығармаларының мазмун-мәниси, идея ҳәм көзқараслары өз көринисин тапқан.
Китап жасларды қызықтырыў ҳәм оқыўға қолайлы болыўы ушын қалта китап түринде басып шығарылды.
Китаплардың ҳәр бири 20 мың нусқада басып шығарылып, ҳәр бир билимлендириў мәкемеси, министрлик, уйымлардың китапханаларына жеткериледи.
Гулноза Бобоева, Өктам Ҳайитов (сүўрет), ӨзА