Фарруха Муҳиддинова – әдалат ҳәм мәрипат пидайысы

Өзбекстанда ҳуқық үстинлигин қарар таптырыў, суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыў, ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў жолында мүнәсип үлес қосқан пидайы ҳаял ҳәм жетик илимпаз – Фарруха Муҳиддинова 70 жасты қарсы алды.
Инсан өмириниӊ мәнаўий шыңы тек лаўазым, атақ ямаса сыйлықлар менен өлшенбейди. Тийкарғы қәдирият – ол қалдырған из, оның идеялары, мийнети ҳәм адамлардың қәлбинде қалдырған нуры болып табылады.
Усы мәнисте елимиздиң руўхый-ағартыўшылық турмысында, ҳуқықый мәмлекет қурыў, әдилликти тиклеў, демократиялық реформаларды әмелге асырыўда өзиниң билимлилиги, тынымсыз излениўшеңлиги, қызғын жумысы менен айрықша орын ийелейтуғын шахслар бар. Мине, усындай шахслардан бири – Фарруха Муҳиддинова болып есапланады.

Ф.Муҳиддинова 1955-жылы Ташкент ўәлаятында туўылған. Оның жаслығы, дәслепки студентлик жыллары ҳәм кейинги мийнет жолы елимиздеги сиясий, ҳуқықый реформалар менен тығыз байланыслы болды. Ол 1977-жылы Ташкент мәмлекетлик университетиниң ҳуқықтаныў факультетин тамамлаған.
Усы жылдан ол мийнет жолын Жоқарғы судта үлкен консультантлықтан баслап, пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы, судлаў коллегиясының баслығы, кейин ала Жоқарғы судтың баслығы лаўазымына шекем көтерилди.
Бул жыллар даўамында нызамларды тәртипке салыў ҳәм үгит-нәсиятлаў, суд әмелиятын улыўмаластырыў ҳәм статистикасын таллаўға өзиниң мүнәсип үлесин қосты. Судья сыпатында ол пуқаралық ислерди шешиўде инсан ҳуқықлары, шаңарақ қәдириятлары ҳәм мүлк қатнасықларына байланыслы келиспеўшиликлерди шешиўде нызамлылық ҳәм әдиллик нормаларын үстин деп билди. Суд әдилликке халықтыӊ исенимин беккемлеўге хызмет етти. Өзи басшылық еткен судлаў коллегиясын жоқары ҳуқықый мәденият ҳәм қалыслық руўхында басқарды.
2003-2005-жыллары Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы сыпатында жумыс алып барып, пуқаралық ислери бойынша судлаў әмелиятын реформалаў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, судьялардың маманлығын арттырыў, суд әдиллигин жоқарылатыў тараўларында көплеген басламаларды алға қойды.
Фарруха Муҳиддинованың мәмлекетлик басқарыў ҳәм парламент системасындағы тәжирийбеси де дыққатқа ылайық. Ол 1996-2003-жыллары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси депутаты – Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетиндеги жумысы арқалы елимизде суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўда белсене қатнасты.
2000-2003-жыллары болса Олий Мажлис баслығының орынбасары сыпатында халық ўәкиллиги институтларын беккемлеў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, инсан ҳуқықлары тараўындағы нызамшылық базасын жетилистириўде белсене қатнасты.

1999-2007-жыллары ол Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымларға усыныс етиў бойынша Жоқары маманлық комиссиясының баслығы сыпатында жумыс алып барып, судьялық лаўазымларына кадрларды таңлаў ҳәм орынға қойыўдың демократиялық тийкарларын жетилистириў, судьяларды лаўазымға тайынлаў (босатыў) мәселелерин шешиўде нызамшылық ҳәм социаллық әдиллик кепилликлерин, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған ўазыйпаларды орынлаўға айрықша итибар қаратқан.
2005-2010-жылларда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының орынбасары сыпатында, Сенат жумысын жолға қойыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, аймақлардағы социаллық-экономикалық машқалаларды парламентлик қадағалаў арқалы шешиў бағдарында көплеген жумысларға басшылық етти.
Фарруха Муҳиддинова – Өзбекстан Республикасында суд-ҳуқық тараўында теориялық ҳәм әмелий таллаўды нәтийжели үйлестирген жетик илимпазлардан бири болып, пуқаралық ҳуқықы, суд ҳәкимияты теориясы, суд еркинлиги ҳәм суд әмелияты мәселелеринде жоқары дәрежеде илимий излениўлер алып бармақта.
Ол 1997-жылы “Пуқаралардың турақ жай мүлк ҳуқықы ҳәм оның Өзбекстан Республикасы нызамшылығына муўапық суд қорғаўы” темасында кандидатлық ҳәм 2012-жылы “Өзбекстан Республикасында суд системасының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы” темасында докторлық диссертацияларын қорғады. Оның илимий мийрасы 40 тан аслам мақала, монография, әмелий қолланба ҳәм нызам сөзлигин өз ишине алады.
Ф.Муҳиддинованың илимий жумысында 1990-жылларда мәмлекеттеги меншиклестириў процесслери менен байланыслы турақ жай ҳуқықы, мүлк ҳуқықының қәлиплесиўи ҳәм нотариал тәртиптеги келисимлердиң анализи айрықша орын ийелейди. Бул изертлеўлер өз ўақтында пуқаралық ҳуқықы ҳәм әмелиятында әҳмийетли теориялық тийкар болып хызмет еткен.
2000-жыллардан баслап ол суд-ҳуқық реформалары, судьялардың еркинлиги ҳәм суд кадрларын таңлаў процесслерин сәўлелендиретуғын мақалалар менен елимиздеги ҳуқықый реформалар процесине белсене үлес қосты. “Суд еркинлиги – әдиллик кепили”, “Конституция ҳәм судьялар еркинлигиниң кепили”, “Өзбекстанда суд кадрларын таңлаў ҳәм орын-орнына қойыў принциплериниң демократияласыўы” сыяқлы илимий мақалалары нызам үстинлиги ҳәм суд ҳәкимиятының еркинлиги мәселелеринде терең таллаў тийкарында жазылған.
Илимпаздың илимий излениўлери тарийхый ҳуқықтаныўға да тийисли болып, Түркстанда колониалық судлар, Октябрь аўдарыспағынан кейинги репрессив судлар ҳаққындағы мақалалары ҳуқықый еслеў ҳәм миллий ҳуқық мектебиниң раўажланыўын таллайды.
Соңғы жыллары болса суд ҳәкимиятының ўазыйпалары ҳәм функцияларына бағышланған изертлеўлери менен илимий орталықта белсене қатнаспақта. “Суд ҳәкимияты функциялары”, “Суд реформаларында жана басқыш” сыяқлы мақалалары ҳуқық теориясы ҳәм мәмлекетшилик философиясын байытты. Соның менен бирге, оның судьялыққа талабанлар ҳәм судьялар ушын “Пуқаралық ислери бойынша судқа мүрәжат етиў”, “Пуқаралық ислери бойынша мәмлекетлик бажыны белгилеў ҳәм өндириў”, “Пуқаралық ислери бойынша суд әмелияты” сыяқлы әмелий қолланбалары басып шығарылды.
Ф.Муҳиддинованың жумысы – теориялық билимди әмелий турмыс пенен байланыстыра алған, суд әдиллиги ҳәм ҳуқықый раўажланыўға бағышланған илимий турмыс үлгиси болып есапланады. Оның жумыслары бүгин де юристлер, судьялар ҳәм ҳуқықтаныўшы илимпазлар ушын исенимли теориялық тийкар ҳәм әмелий бағдарлама ўазыйпасын атқармақта.
Өзиниң жоқары ҳуқықый билим ҳәм тәжирийбесин жасларға жеткериўге бел байлаған илимпаз ҳаял бүгинги күнде “Судьяны судья оқытады” принципине муўапық Судьялар жоқары мектебинде профессор сыпатында нәтийжели жумыс алып бармақта.
Ол онлаған жас изертлеўшилердиң илимий басшысы, судьялыққа талабанларды таярлаўда устаз сыпатында белсене излениўде, заманагөй билимлерди тарқатыўда, теория менен әмелиятты беккем байланыстырыў арқалы өзиниң педагогикалық жумысын даўам еттирмекте. Оның сабақлары, сәўбетлери ҳәм илимий басшы сыпатындағы қатнасы – тыңлаўшылардың қәлбинде ҳуқықтаныўға муҳаббат оятыў, судьялық жуўапкершилигин терең аңлаў ҳәм әдилликти турмыс тәризине айландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Фарруха Муҳиддинованың мийнетлери мүнәсип баҳаланған. Ол “Мустақиллик” белгиси (1992), Өзбекстан Республикасының Ҳүрмет жарлығы (1994), “Өзбекстан белгиси” көкирек белгиси (1997), “Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигине 10 жыл” естелик белгиси (2001), “Меҳнат шуҳрати” ордени (2003), “Мўтабар аёл” көкирек белгиси (2022), “Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы” естелик белгиси (2022), “Бенуқсон хизматлари учун” естелик белгиси (2024) менен сыйлықланған.
Бул ҳаялда ақыл, жүрек ҳәм жуўапкершилик бирлескен. Ол тек ғана билимли емес, ал адамлардың дәртин сезиниўши, сын көзқарастан пикирлеў қәбилети жоқары, исенимли, заманагөй дүньяда болып атырған өзгерислерге сергек, ҳақыйқатты бийкарламай, оны аңлайтуғын, жәмийетлик турмыста белсене ҳәм саналы қатнасатуғын, турмыста теңсалмақлылықты сақлай алатуғын шахс болып есапланады.
Оның пазыйлетлеринен бири – адамлар менен мийримли ҳәм әлпайым қатнаста болыў, жасларға үлги, үлкенлерге ҳүрмет көрсетиў, ҳақыйқатлық ҳәм пәклик принциплерине қатаң әмел етиўи болып табылады. Ол тек билимли ҳуқықтаныўшы емес, ал ҳақ кеўил инсан, устаз ҳәм ўатансүйиўши пуқара сыпатында ҳүрметке ерискен.
Фарруха Муҳиддинованың өмири – бул илим ҳәм ағартыўшылық, Ўатанға муҳаббат ҳәм адамгершилик пенен суўғарылған өмир. Оның өмир жолынан үлги алған ҳалда ўатанға садықлық, илимге муҳаббат ҳәм әдиллик руўхында жумыс алып барыў ҳәр бир ел перзенти ушын үлги бола алады.
70 жыллық юбилей – бул тек ғана өткен өмирдиң жуўмағы ҳәм мүнәсип баҳасы емес, ал жаңа илимий ҳәм руўхый шеклерге умтылыўға шақырық болып есапланады.
Фозилжон Отахонов,
юридика илимлериниӊ докторы, профессор.
ӨзА