“Ўатан ушын жасайық” таңлаўының жеңимпазлары анықланды

194

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 10-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы бойынша “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” бас идеясы тийкарында “Ўатан ушын жасайық” таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Жазыўшылар аўқамы баслығының дөретиўшилик мәселелер бойынша биринши орынбасары, белгили шайыр Минҳожиддин Мирзо елимизде дөретиўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў мәселеси тийкарғы орын ийелеп атырғанын атап өтти.

Комиссия ағзалары таңлаўға келип түскен жәми 71 автордың 192 шығармасын көрип шықты. Өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарылған китаплар, баспасөзде жәрияланған материаллар жанрлық классификациясы бойынша сайлап алынды.

“Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” деген бас идеяны өзинде жәмлеген бул таңлаў процесинде жаңа турмыс, жаңа жәмийет қурыў жолындағы табыслар, халқымыздың пидәкерлик мийнети, ақыл-парасаты ҳәм дөретиўшилик потенциалы, уллы ата-бабаларымыздың мийрасын үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, халқымыздың азатлығы ушын гүресип, бул жолда жанын пидә еткен, езиўши дүзим дәўиринде сиясий репрессия қурбаны болған ата-бабаларымыздың ибратлы турмысы сәўлелендирилген шығармаларға айрықша итибар қаратылды.











Таңлаў жуўмағына бола, биринши орынға Қозоқбой Йўлдошев ғәрезсизлик дәўири өзбек әдебиятының көркемлик-эстетикалық таллаўына бағышланған “Кўркам сўз ёғдуси” әдебий мақалалар топламы ушын мүнәсип деп табылды.

Екинши орынға Бахтияр Генжамуратов “Бәҳәр тасқыны” (“Абыржы”) қосықлар топламы ушын ҳәм Шодиқул Ҳамро “Муаззам” ҳәм “Кўк кўл” атлы прозалық китаплары ушын мүнәсип деп табылды.

Үшинши орын Фармон Тошевқа “Маҳмудхўжа Беҳбудий” драмасы ушын, Мунаввара Усмоноваға “Бир күни” атлы прозалық ҳәм “Киприкдаги тун” қосық топламлары ушын, Зикрилла Нематқа ғәрезсизлик жылларында мәртлерше қайтыс болған 206 миллет пидайыларына бағышланған “Ёвқур ўғлонлар ёди” қосық топламы ушын, Дилором Исмоиловаға “Ватанни жонимдек асрагин”  ҳәм “Яхшиям, сен борсан”  қосық топламлары ушын берилди.

Сондай-ақ, Тўлқин Эшбек “Жадидлар жавҳари” ҳәм “Аёл ва ой” топламлары ушын, Мирзабек Даврон “Кўнглимда бир қулф йўқ” қосықлар китабы ушын, Муҳаммад Сиддиқ “Мусофир дарахт” қосықлар топламы ушын, Шуҳрат Азиз баспасөзде жәрияланған қосық ҳәм публицистикалық шығармалары ушын, Рахшона Аҳмедова “Тонготар” романы ушын, Муҳаммадали Ғаффоров әскерлер арасында ўатансүйиўшилик ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыўға бағышланған дүркин мақалалары ушын хошаметлеўши сыйлыққа мүнәсип деп табылды.

-Дөретиўши бәрқулла итибарға мүтәж, – деди белгили әдебияттаныўшы илимпаз, филология илимлериниң докторы Қозоқбой Йўлдошев. – Шығармаларымыз қайсыдур орынларға мүнәсип көрилгени бул үлкен итибар дегени. Оларды оқыйтуғын адамлар көбейсе, және де қуўанышлы боламыз. Дөретиўшиге болған итибар жақсы шығармалардың жүзеге келиўине түртки болады. “Кўркам сўз ёғдуси” атлы китапта әдебиятқа байланыслы әҳмийетли мәселелер, дөретиўшилердиң әдебий портрети сәўлелендирилген.

Илаж шеңберинде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзалығына қабыл етилген бир топар дөретиўшилерге ағзалық гүўалықлары ҳәм китаплар тапсырылды.

Жеңимпазларға Жазыўшылар аўқамының диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

ӨзА