Қытай сийрек металлар үстинен қадағалаўды күшейтеди

Қытай ҳүкимети сийрек ушырасатуғын жер асты металлары үстинен қадағалаўды күшейтиўге қаратылған ўақытша қағыйда жәриялады, деп хабар тарқатқан “Синьхуа” агентлиги.
Жаңа тәртипке бола, мәмлекет ҳәр жылы сийрек ушырасатуғын жер элементлерин қазып алыў ҳәм қайта ислеў ушын квота белгилейди. Белгили норма миллий раўажланыўдың тийкарғы бағдары, резервтиң көлеми ҳәм сорты, экология ҳәм базар талабы, тараўдың перспективасы сыяқлы факторларды есапқа алған ҳалда, кәрханалар арасында бөлистириледи.
Компаниялар усы тийкарда, нызам ҳәм ҳәкимшилик қағыйдаға қатаң әмел еткен ҳалда жумыс ислеўи шәрт. Топырақ қурамындағы сийрек ушырасатуғын элементлерди ислеп шығарыўшылар өнимниң өзгешелигин атап өтиўи, мәмлекетлик бақлаў системасына тийисли мағлыўматты киргизиўи керек.
Жергиликли ҳәкимият уйымларына кәрханалардың жумысын қадағалаў, тексериўди күшейтиў, сондай-ақ, әмелдеги нызамшылық шеңберинде ҳуқықбузарлықтың алдын алыў усыныс етиледи.
Бул ҳүжжет Санаат ҳәм мәлимлеме технологиялары министрлиги тәрепинен Раўажланыў ҳәм реформалар мәмлекетлик комиссиясы және Тәбийғый ресурслар министрлиги менен биргеликте таярланған.
Сийрек ушырасатуғын топырақ металлары дизимине жалпақ экранлы телевизордан баслап, лазер ҳәм гибрид автомобильге шекем – жоқары технологиялы өним ислеп шығарыўда кеңнен қолланылатуғын 17 түрли элемент киргизилген.
С.Раҳимов, ӨзА