Инфраструктураны раўажландырыўда әмелий қәдемлер

Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық ушын қолайлы ҳәм заманагөй шараятлар жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Кейинги жыллары бул бағдарда жаңа қатнаслар енгизилип, олардың унамлы нәтийжелери бир қатар аймақларда көзге тасланбақта. Әне, сондай әмелий тәжирийбелерден бири – “Зарбдор” тәжирийбеси болып есапланады.
Усы тәжирийбе тийкарында ҳәзирги ўақытта Беруний районында да анық ҳәм мақсетли жумыслар жолға қойылған. Жәми 5,7 млрд сумлық 2 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген болып, олар арқалы район инфраструктурасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў нәзерде тутылмақта, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Усы шеңбердеги ири басламалардан бири – “Әмир Темур” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Фароғон” ҳәм “Қурувчилар” көшелериниң бир бөлегин 24 саат ислейтуғын, яғный 24/7 жумыс режиминдеги кеўил ашар көшеге айландырыў болып есапланады. Бул жойбардың улыўма баҳасы 4,3 млрд сумды қурайды.
Сондай-ақ, “Шаббаз дийқан базары”н Шаббаз аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қурылып атырған жаңа дийқан базарына көшириў бойынша да әмелий жумыслар алып барылмақта. 1,4 миллиард сумлық бул жойбар шеңберинде базар ишиндеги инфраструктураны жақсылаў жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте.

Бундай жойбарлар тек ғана аймақтың келбетин ҳәм инфраструктурасын жақсылап қоймастан, ал халықтың турмыс дәрежесине де унамлы тәсир көрсетеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги