Ҳаял-қызлар дәптери шеңбериндеги ўазыйпалардың орынланыўы додаланды

126

Елимизде ҳаял-қызларды социаллық қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Төрткүл районы ҳәкимлигинде “Ҳаял-қызлар дәптери”не жуўапкер шөлкемлердиң басшылары қатнасыўында гезектеги әмелий мәжилис болып өтти. Онда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша баслығы У.Жалменов қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Мәжилисте усы жылдың 6-басқышы шеңберинде “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген ҳаял-қызларға көрсетилетуғын жәрдемлерди өз ўақтында ҳәм нәтийжели жеткерип бериў мәселелери додаланды. Бул процессте ҳәр бир ҳаял-қыздың талабына қарап индивидуал қатнас жасаў ҳәм мәнзилли жәрдемди шөлкемлестириўдиң әҳмийети айрықша атап өтилди.

У.Жалменов жуўапкер басшыларға бул бағдардағы жумысты буннан былай да жетилистириў бойынша зәрүр түсиниклер берип, ҳәр бир илажды анық реже тийкарында әмелге асырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди.


Мәжилис жуўмақлары, әлбетте, келешекте әмелге асырылатуғын жумыслар ушын беккем тийкар болып хызмет етеди. “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў – социаллық турақлылық ҳәм шаңарақ абаданлығына хызмет ететуғын әҳмийетли қәдемлерден бири.

Қарақалпақстан хабар агентлиги