«Жаслар бағы» нда талантлы жаслар жәмлескен байрам өткерилди

134

«Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!»

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласы “Дослық” каналы бойында “Жаслар бағы” майданында “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” сүрени астында үлкен мәдений илаж болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша секретариат баслығы Б.Калимбетов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева қатнасты.

Онда “Туран мектеп театры” ҳәм “Иқтидор мектеп ансамбльи” таңлаўларының район (қала)лық, аймақлық ҳәм Республикалық басқышларында жеңимпаз болған мектеп жәмәәтлери өзлериниң ең сайланды көркем шығыўлары менен қатнасты.

Талантлы  оқыўшылардың қосықлары, сахналық көринислери ҳәм театрластырылған композициялар байрам илажы қатнасыўшыларына  үлкен заўық ҳәм көтериңки кейпият бағышлады. Сондай-ақ, байрам илажында миллий кийимлер, буйымлар ҳәм сүўретлер көргизбеси де  шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги