“Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир” жолын оңлаў жумыслары баслап жиберилди

126

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы алдынан республикамызда қурылыс, абаданластырыў жумыслары кең көлемде алып барылмақта. Әсиресе, автомобиль жолларын жаңадан қурыў ҳәм қайта оңлаў жумыслары жеделлик пенен алып барылып, байрам алдынан халқымызға қолайлы шараятлар жаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августта  қабыл етилген  “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Нөкис қаласынан Тахтакөпир районына алып баратуғын Д234 “Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир” автомобиль жолының 59 километрлик бөлегин оңлаў ушын 15 миллиард сум қаржы ажыратылған еди.

Усы қарардың орынланыўы шеңберинде қурылыс-оңлаў жумыслары басланды. Атап айтқанда, жолдың 17-18 километрине асфальт төсеў жумыслары басқышпа-басқыш алып барылмақта.



Оңлаў жумыслары Нөкис районы Автомобил жолларынан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилип, оған 6 заманагөй арнаўлы техника ҳәм 13 жумысшы тартылған.

Бул қурылыс жумыслары тек ғана транспорт инфраструктурасын жақсылап қоймастан, халықтың күнделикли турмысын аңсатластырылып, аймақлараралық байланысларды беккемлеп, экономикалық нәтийжелиликти арттырыўа хызмет етери сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги