“Intertkan-Osen 2025”: Өзбекстан тоқымашылық өнимлерине қызығыўшылық артпақта

123

Усы жылдың 26-август күни Россия Федерациясының Москва қаласында халықаралық тоқымашылық өнимлери көргизбеси – “Intertkan-Osen 2025” өз жумысын  баслады.

Бул абырайлы  илажда дүньяның жетекши компаниялары қатарында Өзбекстан да миллий стенди менен қатнаспақта.

Өзбекстан  Саўданы раўажландырыў компаниясының жәрдеминде 25 жергиликли кәрхана ўәкиллери еки орайлық павильонда “Made in Uzbekistan” миллий стендлеринде өз өнимлерин көрсетпекте. Быйылғы көргизбеде улыўма 7 мәмлекеттен 800 ден аслам кәрхана қатнаспақта. Келиўшилердиң саны болса 40 мың адамнан аслам болыўы күтилмекте.

Бул ҳаққында «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы Халықаралық брендлерди тартыў бөлими баслығы Абдулазиз Абдураҳимов ӨзАның хабаршысына төмендегилерди мәлим етти.

– Халықаралық көргизбелерде  қатнасыў жергиликли ислеп шығарыўшыларымыз ушын үлкен имканият жаратады. Москвадағы  “Intertkan-Osen 2025” көргизбеси арқалы дүнья  базарында талап жоқары болған  тоқымашылық өнимлерин  көрсетпектемиз. Бул  тек ғана  өнимлеримиздиң сапасы ҳәм рәңбәрәңлигин көрсетиў емес, ал халықаралық брендлер менен тиккелей бирге ислесиўди жолға қойыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, усы платформа арқалы регионаллық базарлардағы жаңа тенденциялар менен де танысыў  мүмкин, – деди ол.

Оның сөзлерине бола, бундай абырайлы илажларда қатнасыў жергиликли кәрханалардың экспорт потенциалын арттырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм “Made in Uzbekistan” брендиниң халықаралық майдандағы  абырайын беккемлеўге хызмет етеди.

Көргизбе өз жумысын даўам еттирмекте ҳәм оның шеңберинде исбилерменлик сөйлесиўлерин өткериў, жаңа шәртнамалар дүзиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын жолға қойыў нәзерде тутылған.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА