Ғәрезсизликти беккемлеўге үлес қосыў –  ҳәммениң әҳмийетли мақсети болыўы зәрүр

110

Сенатта Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы мүнәсибети менен сенаторлар ҳәм жас илимпазлардың  ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Илажда  Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Орзигуль Қозихонова ҳәм сенатор Малика Қодирхонова, жаслар парламенти  ағзалары ҳәм Жас илимпазлар кеңесиниң ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда  Президентимиздиң басшылығында Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы  шеңберинде алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәниси, ерисилген  нәтийжелер  ҳәм перспективадағы  ўазыйпалар  бойынша пикир алысылды.

Атап айтқанда, нызамшылықты жетилистириў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, кәмбағаллықты  қысқартыў ҳәм халықтың социаллық  қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў бойынша  әмелий  ислер  алып  барылып атырғаны атап өтилди. Бул бағдарда  өз-ара биргеликте жумыс алып барыў, ғәрезсизликти  беккемлеўге үлес қосыў  ҳәммениң әҳмийетли мақсети болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сенаторлар  тәрепинен парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, мәмлекетимизде  жасларға жаратылып атырған шараят ҳәм имканиятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме  мағлыўмат берилди.

Ушырасыў қатнасыўшылары Сенат имараты ҳәм оның жумысы менен жақыннан танысты.

Н.Абдураимова,

ӨзА