Қурылыс объектлеринде QR-кодлы паспорт орнатыў тәртиби белгиленди

«Қурылыс объектлеринде QR-кодлы (матрик штрихлы код) паспорт орнатыў тәртиби ҳаққында»ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекет дизимнен өткерилди.
Оған бола, QR-кодлы паспорт қурылыс объекти аймақлық инспекцияларда дизимнен өткен күнде буйыртпашы тәрепинен объекттиң кириў бөлимине ямаса ҳәмме ушын көринетуғын жерде мәжбүрий тәртипте орнатылады.
QR-кодлы паспорт қурылыс объекти аймақлық инспекцияларда дизимнен өткен күннен баслап, объект пайдаланыўға тапсырылған күнге шекем әмелде болыўы зәрүр.
QR-кодлы паспорт ығаллық ҳәм сыртқы тәсирлерге шыдамлы материалдан таярланған болыўы, улыўма өлшемлери 2400х1200 мм ды қураўы ҳәм жер қатламынан кеминде 1 м бәлентликте орнатылыўы зәрүр.
Қурылыс объекти аймақлық инспекциясында дизимнен өткерилген соң, «Ашық-айдын қурылыс» мәлимлеме системасында объектке байланыслы дәслепки мағлыўматлар жайластырылған бет ушын QR-код автомат түрде қәлиплестириледи.
ӨзА