Пахта жыйын-теримине қызғын таярлықлар көрилмекте

230

Тақыятас районы Найманкөл АПЖ аймағындағы фермер хожалықларының ғаўаша майданларында дефолиация илажларын системалы әмелге асырыў бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң баслығы Р.Шербаев, район ҳәкими К.Айтбаев, тийисли тараў жуўапкерлери ҳәм дийқан-фермерлер қатнасты.

Семинарда дефолиация илажларының агротехникалық әҳмийети, оны сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаўдың өнимдарлыққа тәсири, сондай-ақ, заманагөй усыллар ҳәм химиялық қураллардан пайдаланыў бойынша толық түсиниклер берилди.

Қәнигелер тәрепинен атыз басында әмелий көрсетпелер берилип, фермер хожалықларына нәтийжели дефолиантлардың түрлери, оларды қолланыў муғдарлары ҳәм қәўипсизлик қағыйдалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, семинарда зүрәәтти өз ўақтында жыйнап-терип алыў, пахтаның сапасын сақлаў ҳәм келеси жылғы зүрәәт ушын егин егилетуғын егислик майданларды таярлаў мәселелерине де айрықша дыққат қаратылды.

Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм алдыңғы тәжирийбелер бойынша пикир алысты.





Усындай көргизбели семинар Қоңырат районындағы Әдебият АПЖ аймағында жайласқан фермер хожалықлары атыз майданларында да болып өтти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги