ШБШ саммити алдынан шөлкемлестирилген көргизбеде Өзбекстан 27 экспонат пенен қатнаспақта

Пекин қаласындағы Қытай Миллий музейинде “Жарқын цивилизациялар жулдызлары: ШБШ мәмлекетлери миллий музейлериниң мәдений мийрасы” атамасындағы көргизбе жумыс баслады.
Усы жылы 31-август-1-сентябрь күнлери Тяньцзинь қаласында болып өтетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммити мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул әнжуманда Өзбекстан, Қытай, Беларусь, Иран, Қазақстан, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан мәмлекетлеринен миллий ҳәм тарийхый музейлердиң ўәкиллери қатнаспақта.



“Шанхай руўхы” принципи – “цивилизациялардың ҳәр түрлилигине ҳүрмет ҳәм биргеликте раўажланыўға умтылыў” сүрени астында өтип атырған экспозиция ушын бул рет ағза мәмлекетлердиң 10 музейи ҳәм мәдений мәкемесинен 220 сийрек ушырасатуғын экспонат таңлап алынған. Атап айтқанда, ҳәр бир мәмлекеттиң цивилизациясы тарийхы, раўажланыўы ҳәм эволюциясын сәўлелендиретуғын, сондай-ақ, үлкелер арасындағы тарийхый байланысларды көрсететуғын әҳмийетли артефактлер бар. Бул сийрек ушырасатуғын затлар цивилизациялар галактикасы жулдызлары сыяқлы ШБШ мәмлекетлериниң бай мәдений тийкарын айқын көрсетеди.




Итибарлы тәрепи, көргизбеде Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи ҳәм мәмлекетлик көркем өнер музейи фондларынан 27 экспонат усынылған. Ҳәр бир шығармада елимиздиң мәдений мийрасы ҳәм байлығы – ең әййемги цивилизациялардан баслап, ХIХ-XX әсир көркем өнерине шекемги үлгилер жәмленген.




Қытай Миллий музейи дүньяның ен ири музейлеринен бири болып есапланады. Пекин орайындағы Тяньанмэнь майданының шығысында жайласқан бул архитектуралық естелик 2003-жылы революция ҳәм тарийх музейлериниң бирлесиўи нәтийжесинде шөлкемлестирилген. Музей коллекциясы бес мың жылдан аслам тарийхты қамтып алған – неолит дәўири табылмаларынан өткен әсир көркем өнер дөретпелерине шекем. Комплексте бронза буйымлар, фарфор, каллиграфия, сүўретшилик буйымлары, будда мүсинлери, ҳүжжетлер ҳәм Қытайдың жаңа тарийхына байланыслы буйымлар көрсетиледи.
Беҳруз Худойбердиев, Ўткир Алимов, ӨзА
Пекин, Қытай