Бизнес орталығын таллаў

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының мағлыўматларына бола, 2025-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмақларына бола, бизнес орталығында сезилерли жақсыланыў бақланған. Бул болса исбилерменлик жумысында исениминиң артыўы ҳәм экономикалық белсендиликтиң кеңейиўинен дәрек береди.
Исбилерменлик орталығы индексиниң орташа көрсеткиши 58 бәнтти қурады. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 4 бәнтке жоқары. Январь айында бизнес орталығы көрсеткиши 52 бәнттен, июнь айында 63 бәнтке шекем жоқарылаған.
Ҳәзирги жағдай суб-индекси 44 бәнтти қурады. Исбилерменлердиң келешектеги күтилмелери индекси жыл басына салыстырғанда 25 бәнтке артып, 73 бәнтке жетти.
Ең жоқары өсиў санаат тармағында атап өтилди, хызметлер 3 пунктке көтерилди, қурылыс тармағында өзгерис бақланбады.
Аўыл хожалығында киши төменлеў бақланды. Бул болса мәўсимлик факторлар менен байланыслы.
Исбилерменлер арасында өткерилген сораўнама нәтийжелерине бола, 42 процент қатнасыўшылар өз бизнесиниң ҳәзирги жағдайын “жақсы” деп баҳалаған, 74 процент болса келеси 3 айда бизнеси жағдайының жақсыланыўын күтпекте. Бизнес ўәкиллериниң орташа 70 процентке шамаласы 3 айда өнимлер ҳәм хызметлерге болған талаптың өсиўин күтип атырғанын билдирген.
Инфляцияға байланыслы күтимлер төменлеў тенденциясын көрсетпекте: жылдың басында өз өними ямаса хызметлери артыўын күтип атырғанлардың үлеси 25 процент болса, июнь айында 21 процентти қураған.
Сораўда қатнасқан исбилерменлердиң 59 проценти бизнес жүргизиўде үлкен тосқынлықлар жоқ екенлигин атап өткен. Бирақ исбилерменлердиң 10 проценти қаржыландырыў, 6 проценти салық ҳәкимшилиги ҳәм 6 проценти салық ставкаларының жоқарылығы менен байланыслы машқалаларды көрсеткен.
Тармақлар кесиминде болса қаржыландырыўға ерисиўде ең үлкен тосқынлықлар аўыл хожалығында, санаат ҳәм қурылыста болса жоқары салық ставкалары ҳәм салық ҳәкимшилиги көбирек атап өтилген.
Исбилерменлик жумысының жедел өсиўи, экспорт имканиятларының кеңейиўи ҳәм ҳәкимшилик тосқынлықлардың азайыўы Өзбекстанда бизнес орталығын турақлы унамлы деп баҳалаўға тийкар жаратады.
Исбилерменлердиң жақын айларға болған үлкен үмитлери экономикалық өсиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў ушын тийкар жаратады.
Моҳигул ҚОСИМОВА таярлады, ӨзА