Бажыхана режими астында электроника өнимлерин қайта ислеў мәселеси додаланды

160

Өзбекстан ҳәм Қытай арасында өз-ара әмелий бирге ислесиў кейинги жылларда барған сайын кеңейип, беккем институционаллық тийкарларға ийе болып бармақта. Атап айтқанда, 2025-жылдың 6 айы даўамында Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы саўда айланысы 7,7 миллиард АҚШ долларынан артты. Бул болса 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 17 процентке өскенинен дәрек береди.

Бажыхана комитетинде Қытай Халық Республикасының Электроника саўда палатасының президенти Ванг Нинг басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти. Комитет баслығының орынбасары Н.Мусахаммедов мийманларды елимизге сапары менен қутлықлап, тийкарғы мәселе сыпатында “бажыхана аймағында қайта ислеў” – бажыхана режими астында электроника өнимлерин қайта ислеў ҳәм экспорт етиў перспективалары додаланды, делинеди Бажыхана комитетиниң мағлыўматында.

Исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў басқармасының баслығы И.Пардаев “Электроника тараўында абырайлы бренд ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўда бажыхана аймағында қайта ислеў режиминен пайдаланыў тәртиплери” атамасында презентация өткерди. Онда усы режимде ислеў талаплары ҳәм абзаллықлары толық көрсетип өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди және де жеделлестириў ҳәм додаланған жойбарларды тез ўақыт ишинде әмелге асырыў бойынша зәрүр илажлар көриўге келисип алды.

А.РУСТАМОВ, ӨзАның хабаршысы