Өзбекстан ҳәм Иордания арасында аграр тараўда жаңа бирге ислесиў перспективалары белгиленди

120

Мәмлекетимизде аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, фитосанитария ҳәм карантин бағдарларында сырт мәмлекетлер менен тәжирийбе алмасыў, шарўашылық, ветеринария ҳәм санластырыў бағдарында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша нәтийжели жумыслар исленбекте.

Соның ишинде, бүгин Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов Иордания аўыл хожалығы министри Сайеб Абдел Ҳалеем Ҳресат пенен ушырасты. Онда дәслеп, Иорданияның белгили “Авасы” қой нәсилин мәмлекетимизге алып келиў ҳәм оны жергиликли климат шараятына бейимлестириў мәселеси көрип шығылды. Сондай-ақ, елимизде түрли шарўа малларын жетистириў ҳәм оларды Иорданияға экспорт етиў перспективалары белгиленди.

Ушырасыўда өз-ара саўда байланысларын кеңейтиў мәселелери де додаланды. Соның ишинде, Өзбекстаннан черешня, кишмиш ҳәм басқа да өнимлерди Иорданияға экспорт етиў, ол жерден болса қурма, зайтун ҳәм зайтун майын елимизге алып келиў имканиятлары белгилеп алынды. Буннан тысқары, қурғақшылыққа шыдамлы сортларды локализациялаў да бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларынан бири сыпатында атап өтилди.

Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде фитосанитария ҳәм карантин бағдарларында тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, шарўашылық, ветеринария ҳәм санластырыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Тәреплер бир қатар пилот жойбарларды әмелге асырыў, алдын қол қойылған меморандумларда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў ҳәм бул бойынша жуўапкер шахсларды тайынлаў бойынша да келисип алды, делинеди Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматында.

Бул ушырасыў еки мәмлекет арасында аграр тараўда бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап беретуғыны, өз-ара пайдалы басламаларды турмысқа енгизиўде әҳмийетли қәдем болатуғыны атап өтилди.

А.РУСТАМОВ, ӨзА