Қубла Корея Президенти Японияны бирге ислесиўге шақырды

Япония Бас министри Сигеру Исиба менен болып өткен саммит ўақтында Қубла Корея Президенти Ли Чже Мён күн шығыс мәмлекети жетекшисин глобал саўда шараяты өзгерип атырған бир ўақытта тығызырақ бирге ислесиўди жолға қойыўға шақырды. Бул ҳаққында “Yonhap” жазған.
– Глобал саўда ҳәм қәўипсизлик тәртиби өзгериўде даўам етер екен, уқсас қәдирият, структура ҳәм идеологияға ийе Корея Республикасы ҳәм Япония бирге ислесиўди ҳәр қашанғыдан да күшейтиўи керек, деп ойлайман, – деп басшының сөзлерин келтирген агентлик.
Хабарда айтылыўынша, Сигэру Исиба Ли Чже Мёнды қоллап-қуўатлап, Япония, Қубла Корея ҳәм АҚШ бирге ислесиўин беккемлеў оғада әҳмийетли екенин атап өткен.
Еки қоңсы мәмлекет жетекшилери КХДРды ядросызландырыўға ерисиў ҳәм АҚШ пенен үш тәреплеме шерикликти беккемлеў нийетин және бир мәрте тастыйықлаған.
– Корея ярым атаўы толық ядросызландырылыўы ҳәм турақлы тынышлық орнатылыўы тәрепдары екенимизди және бир мәрте тастыйықладық, Арқа Кореяға байланыслы сиясатты жақыннан додалаўға келисип алдық, – деди Ли Чже Мён баспасөз әнжуманында.
Ол Токиоға сапарын “келешекке қаратылған мүнәсибет тийкарын беккемлеў имканияты”, деп атады. Быйыл өз-ара дипломатиялық байланыс орнатылғанына 60 жыл толады.
Июнь айының басында лаўазымға кирискен Қубла Кореяның жаңа Президенти Япониядан Вашингтонға жол алды. Мәлим етилиўинше, АҚШ жетекшиси Дональд Трамп пенен ушырасыў Ақ үйде болып өтеди. Басшылар ярым өткизгиш, аккумулятор ҳәм кеме соғыў тараўларына байланыслы ай басында ерисилген саўда келисимине тийкарланып, санаатта бирге ислесиўди додалаўы күтилмекте.
Атап өтилгениндей, Ли Чже Мён дәслепки рәсмий сапары ушын Японияны таңлағаны бираз ерси көринеди. Себеби, Қубла Корея жетекшилери лаўазымға кирискеннен кейин, әдетте, биринши баратуғын мәмлекет сыпатында АҚШ таңланатуғын еди.
С.Раҳимов, ӨзА