Елши: Тяньцзинь саммити ШБШ тарийхындағы ең ири әнжуман болады

31-август-1-сентябрь күнлери Тяньцзинь қаласында ШБШ саммити болып өтеди. Бул әнжуман структура жумыс баслағанынан берли ең ири илаж болады, деди Қытайдың Россиядағы елшиси Чжан Ханьхуей “РИА Новости” агентлигине берген интервьюинде.
– Мәжилисте 20 дан аслам мәмлекет жетекшиси, сондай-ақ, 10 халықаралық шөлкемниң басшысы қатнасады, – деди дипломат. – Бул, әлбетте, ағза мәмлекетлердиң бирге ислесиўди және де тереңлестириў жолындағы умтылысы бирдей екенинен дәрек береди. Улыўма, ШБШ халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын барған сайын күшли өзине тартпақта.
Мәлим етилиўинше, ағза мәмлекетлердиң басшылары бул рет саўда, илимий-техникалық инновация, қәўипсизлик ҳәм ШБШ Раўажланыў банкин шөлкемлестириў мәселелерин додалайды.
Мәлимлемеде саммит ҳәр қыйлы финанслық қоллап-қуўатлаў механизмлерин шөлкемлестириўге жәрдемлесетуғыны, сондай-ақ, саўда, инвестиция, энергетика, өз-ара байланыслылық, санлы экономика ҳәм жасыл технология тараўларында шерикликти беккемлеў мәселелери де көтерилетуғыны атап өтилген.
РФ жетекшисиниң жәрдемшиси Юрий Ушаковтың айтыўынша, бул ҳәпте Владимир Путин Қытайға төрт күнлик сапар менен барады ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммитинде де қатнасады.
2001-жылы дүзилген халықаралық шөлкем – ШБШ қурамында ҳәзирги ўақытта Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Пакистан ҳәм Өзбекстан бар. 2024-жыл июль айында Беларусь та толық ҳуқықлы ағзаға айланды. Аўғанстан ҳәм Монголия бақлаўшы, Әзербайжан, Армения, Камбоджа, Непал, БАӘ, Түркия, Шри-Ланка болса бирге ислесиўши мәмлекет статусына ийе.
С.Раҳимов, ӨзА