ШБШ тарийхының жаңа дәўирине байланыслы китап презентациясы өткерилди

113

Пекинде Қытай Халықаралық баспасөз орайы (CIPCC) тәрепинен шөлкемлестирилген 2025-жылғы билимлендириў жойбарында қатнасыў ушын бул рет 90 ға шамалас мәмлекеттен 100 кәсиплесимиз жыйналды.

Түрли мәмлекетлер, шөлкемлер менен мәдений, илимий ҳәм билимлендириў тараўындағы байланысты раўажландырыў, мәдений ҳәм билим алмасыў көлемин кеңейтиў, қатнасыўшыларға Шын үлкесиниң тарийхы, мәденияты ҳәм экономикасы ҳаққында мағлыўмат бериў сыяқлы мақсетлерди гөзлеген CIPCC – “China International Public Communication and Cooperation” бағдарламасы тийкарында ҳәр қыйлы тренинг, семинар ҳәм брифинглер де шөлкемлестириледи.


Бүгин жойбар шеңберинде “ШБШның жаңа дәўирдеги тарийхы” китабының презентациясы болып өтти. Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гуманитарлық, билимлендириў ҳәм мәденият бағдарларындағы жойбарларына бағышланған бул шығармада “Шанхай руўхы”ның тийкарғы қәдири – исеним, өз-ара түсинисиў ҳәм биргеликте раўажланыўды сәўлелендиретуғын 18 тарийх жәмленген.

Гезектеги ШБШ саммити алдынан таярланған басылым қатнасыўшы мәмлекетлердиң еки ҳәм көп тәреплеме шерикликти беккемлеўге қосқан үлесин де сәўлелендиреди.


Презентацияда Қытай Халық Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Люй Бин 24 жыл ишинде ШБШ тек ғана қәўипсизликке байланыслы емес, ал экономика, дипломатия, мәдений-гуманитарлық мәселелерди де қамтып алған структураға айланғанын атап өтти.

“ШБШ гуманитарлық алмасыў форумы-2025: Татыўлық ҳәм аўызбиршилик – келешекти биргеликте жаратамыз” атамасындағы илажда быйылғы жылғы илажлар тийкарынан гуманитарлық тараўда бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм ағза мәмлекетлер арасында алмасыўды раўажландырыўға қаратылғаны атап өтилди.

Әнжуманда Шөлкемниң Бас хаткери Нурлан Ермекбаев, сондай-ақ, ҚХР Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Үгит-нәсият бөлими ҳәм Қытай Медиакорпорациясы басшылары да қатнасып, шығып сөйледи.

Муҳайё Тошқорайева,

 ӨзАның хабаршысы

Қытай, Пекин