“Пуқаралық басламасы” миллий сыйлығының жеңимпазлары усы жылы биринши мәрте анықланады

140

“Пуқаралық басламасы” миллий сыйлығы таңлаўын өткериў бойынша сенаторлар, депутатлар, бир қатар министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат шөлкемлестириў комитетиниң дәслепки мәжилиси өткерилди.

Сенат Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басқарған мәжилисте “Пуқаралық басламасы” миллий сыйлығы Президентимиздиң 2024-жыл 26-августтағы “Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында шөлкемлестирилгени атап өтилди.

Таңлаў мәмлекетимизде еркин пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан пуқаралық жәмийети институтлары, белсенди жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм интакер пуқараларды хошаметлеў мақсетинде ҳәр еки жылда өткериледи.

Бул таңлаў усы жылы биринши мәрте шөлкемлестирилмекте. Таңлаўда “Инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң нәтийжели қорғаўшысы”, “Жаслар сиясаты тараўындағы интакер жетекши”, “Мәҳәллелердеги жәмийетлик структуралардың белсендиси”, “Ең белсенди жәмийетлик қадағалаўшы”, “Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша белсенди ҳәм интакер”,  “Социаллық инновациялар ҳәм раўажланыў бойынша ең белсенди ҳәм интакер”, “Инклюзив жәмийет қурыў бойынша ең белсенди ҳәм интакер”, “Меценатлық жумысы бойынша ең белсенди ҳәм интакер” номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланады.

Жеңимпазлар шөлкемлестириў комитетиниң жуўмағы ҳәм кең жәмийетшиликтиң пикири тийкарында анықланады ҳәм номинациялар бойынша биринши орын БЕМниң 50 есеси, екинши орын БЕМниң 40 есеси, үшинши орын БЕМниң 30 есеси муғдарында ақшалай сыйлық, арнаўлы статуэтка ҳәм сертификат пенен сыйлықланады.

Таңлаўда қатнасыў ушын 2025-жылдың 1-октябрине шекем Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды ҳәм оның аймақлық бөлимлерине соңғы еки жылда жумыс алып барып атырған пуқаралық жәмийети институтлары, белсенди жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм интакер пуқаралар жеке мағлыўматлары, жумысы, ерискен жетискенликлерин сәўлелендиретуғын ҳүжжетлер менен бирге арза тапсырыўы мүмкин.

Мәжилис жуўмағында таңлаў ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етиў, жеңимпазларды ашық-айдын система арқалы анықлаў ҳәм таңлаўды өткериўге байланыслы басқа да шөлкемлестириў мәселелери бойынша келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА