Қосымша дәрамат дерегин жаратыў жумыслары жеделлеспекте

135

Алдын хабар берилгениндей, суў хожалығы тараўы хызметкерлери ушын қосымша дәрамат дерегин жаратыў мақсетинде жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте. Мелиорация хызметкерлери коллекторда үйрек бағыўды жолға қойды,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен берилген тапсырмаларды орынлаў ҳәм жумысшы хызметкерлерди қосымша хошаметлеўди системалы шөлкемлестириў мақсетинде Хожели районында мелиорация бөлими тәрепинен «Жаңажап» аймағындағы коллекторда үйрекшилик хожалығы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Мелиоративлик экспедициясының жуўапкерлери ҳәм Бас шеп жағалық системасы хызметкерлериниң қатнасыўында аймақларда жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў мәселеси бойынша көргизбели семинар өткерилди.

Илажда ғәрезсизлик байрамында хызметкерлерге гөш ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин тарқатыў бойынша да тапсырмалар берилди.

Семинар қатнасыўшылары ижара шәртнамасы тийкарында халыққа ажыратылып, үйрек бағыў жолға қойылған Саманкөл АПЖ аймағындағы коллекторды да барып көрди. Жуўапкерлер тәрепинен бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги