Ҳаял-қызлардың бизнес жойбарларына жәрдемши

150

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери және нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Жаслар ислери агентлиги ҳәм “Startup Garage” менен биргеликтеги жаңа жойбар студент-жаслар ҳәм жас ҳаял-қызлар ушын үлкен имканиятлар бериўи күтилмекте.

Соның ишинде, енди олар өз стартап идеяларын раўажландырыў, әмелде сынақтан өткериў ҳәм қаржыландырыў имканиятына ийе болады. Бирге ислесиў тийкарында тренинг ҳәм шеберлик сабақлары шөлкемлестирилип, қатнасыўшылар бизнес жүргизиў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болады.

“Startup Garage” ҳаял-қызлардың басламаларын табыслы бизнес жойбарларға айландырыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, олар венчур капитал ҳәм фондлардан финанслық жәрдем алыў имканиятына ийе болып, жойбарларын тек ғана мәмлекетимизде емес, ал дүнья базарында да үгит-нәсиятлаўы мүмкин.

Буннан тысқары, қатнасыўшылар Founders School Community стартап жәмийетине қосылып, барлық ресурслардан пайдаланыў ҳуқықына ийе болады.

Гулноза Бобоева, ӨзА