Мәҳәллесине қуўаныш алып келген Султанбек

177

Ғәрезсизлик перзентлери

Келешегинен үмит күттиретуғын спортшы жаслардың бири Султанбек Пердебаетың спортқа қызығыўшылығы балалағынан басланды. Нөкис районы спорт мектебинде стол тенниси бойынша тренер болып ислейтуғын қоңсысы  Кудайберген Аяпбергеновтың қызықтырыўы менен ол баслаўыш класста оқып жүрген гезлерин баслап  спорт мектепке қатнай баслайды.
Баладағы қәбилет, шаққанлықты аңғарған тренери оның менен  айрықша шуғылланып, нәтийжеде ол стол тенниси бойынша өткерилген жарысларға қатнасып табысларға ерисип баслыйды.  Районлық басқышта жақсы нәтийжелерге ерискен ол  Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилген чемпионатларда да қатнасып, мүнәсип орынларды ийелейди. Атап айтқанда 2018-жылы 16-22-сентябрь күнлери Ташкент ўәлаятында стол тенниси бойынша 2006-жылы туўылған ҳәм оннан киши болған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында болып өткен Өзбекстан чемпионатында үшинши, 2018-жыл 9-15- августта Самарқанд қаласында өткерилген Өзбекстан чемпионатында үшинши, 2022-жылы 18-24-апрель күнлери Бухара ўәлаятында 2008-2008-жыллары ҳәм оннан  киши болған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында болып өткен Өзбекстан чемпионатында  биринши орынлардың жеңимпазы болыўға ериседи.

Жақында 11-15-август күнлери Сырдәрья ўәлаятында болып өткен «Бес баслама олимпиадасы»ның  Өзбекстан Республикасы басқышында спорттың стол тенниси бойынша «А» лига бағдарында  16-21 жас категориясында болып өткен жарыста Султанбек үшинши орынды ийелеп, диплом ҳәм баҳалы саўға менен сыйлықланды. Қуўанышлысы ол усы жеңиси менен өзи жасайтуғын Төктаў АПЖ ға WORKOUT спорт майданшасын қурып берилиўин жеңип алды.

-Султанбектиң спортқа қатнасқан дәслепки күнлери еле ядымда. Минез қулқы тынық, ҳәр бир айтқан сөзди булжытпай орынлайтуғын бала бул спорт түрине қызығып, көп күттирмей жақсы нәтийжелерди қолға киргизди. Мине, енди табыслары менен мәҳәллемиз турғынларын да қуўантпақта, -дейди оның биринши тренери Қ.Аяпбергенов.

Сондай-ақ усы жерде  оны жарысқа таярлаған тренерлеринен Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасының  жәрдемши тренери Жанибек Досмурзаев , аға тренер Бахтияр Хамгелдиев ҳәм Айзада Бахиевалардың да  мийнетлерин айрықша айтып өтиў орынлы.

Шаңарақ перзент тәрбиясында тийкарғы орынды ийелейтуғын мухаддес орын. Перзентлериниң тәрбиясына айрықша қарап, олардың оқып билим алыўы ҳәм спорт түрлери менен шуғылланыўы менен бирге пайдалы мийнет пенен бәнт болыўын қадағалаўға алған атасы Пердебай ата менен ата-анасы Султанбектиң табысы арқалы мәҳәллесине спорт майданшасы қурылатуғынлығынан жүдә қуўанышлы.

-Перзентлеримиздиң бул табыслары  Президентимиз тәрепинен  елимизде спортты раўажландырыўға қаратылып атырған итибары деп билемиз. Себеби, мәмлекетимизде  жаслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Бул ушын биз ата-аналар Журтбасшымыздан миннетдармыз. Устаз тренерлерине рахмет айтамыз, -дейди оның әкеси Мәмбеткәрим  Атамуратов.

Стол тенниси ғалабалық спорт түри болып, соңғы ўақытларда бул спорт пенен шуғылланыўшылардың саны артып бармақта.  Бул спорт пенен шуғылланған адамда, биринши гезекте, көриў қәбилети жақсыланады. Узақты көре алмайтуғын, компьютер алдында көп отыратуғын ямаса көзин қандай да бир кеселликтен емлеген адамларға стол тенниси үлкен жәрдем береди. Себеби, ойын ўақтында инсанның барлық итибары тек топта болғаны ушын, көз қысқа аралық әтирапында шынығады. Сол себепли стол тенниси менен турақлы шуғылланыўшылар арасында көз шыпакерине мүрәжат ететуғинлар дерлик ушыраспайды екен. Стол тенниси дем алыў ҳәм жүрек-қан тамыр системаларының жумысына да унамлы тәсир көрсетеди. Ойын ўақтында бир неше қурамалы соққы бериледи. Бир минутта 120 ға шекем соққы берилиўи себепли, стол тенниси инсанды шаққанлыққа ҳәм епшилликке үйретеди.



Спортта табыслары менен шаңарағын, устазларын ҳәм мәҳәллелеслерин қуўантып, айдын келешекке үлкен исеним менен қәдем таслап атырған Султанбек Пердебаев  алдына үлкен мақсетлер қойған. Олда болса елимизге хызмет етип, ата-анасына мүнәсип перзент болыў. Бул жолда оған әўмет яр болыўын тилеймиз.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги