Мәйек жетистириў көлеми артпақта

Кейинги жыллары мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ишки базарды жергиликли өнимлер менен толықтырыў ҳәм аўыл хожалығының әҳмиетли тармақларынан бири – қусшылықты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бул бағдарда жеке исбилерменлердиң белсендилиги артып, инновациялық көзқараслар тийкарында ири өндирислик жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы нәтийжели жумыс үлгиси сыпатында “Эко Агро Капитал” ЖШЖды айрықша атап өтиў мүмкин.
Кәрхана 2016-жылдан берли қусшылық бағдарында жумыс алып барып, Германия технологиясы тийкарында мәек бериўши “Сенди коралл” нәсилли таўықларды бағыў менен шуғылланады. Ҳәзирги күнде 52 мың бас таўық сақланбақта ҳәм күнлик мәек ислеп шығарыў көлеми 42 мың данадан асады. Өнимлер тийкарынан Қарақалпақстан ҳәм Хорезмниң ишки базарларына жеткерип бериледи, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Кәрхана өз талаплары ушын қус азықлығын жетистирип, ишки қайта ислеў цехында азықлық таярлайды. “Сенди коралл” породалы таўықлар 120 күнликтен баслап мәйек қоя баслайды. Быйыл Украина технологиясы тийкарында 72 мың бас шөжелерге мөлшерленген жаңа бокслар толық үскенеленген.

Кәрхананың жумыс басқарыўшысы Сухроб Раҳимовтың атап өтиўинше, 2025-жылдың ақырына шекем 400 киловатт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлерин орнатыў режелестирилген. Сондай-ақ, исбилермен мәмлекет тәрепинен ажыратылып атырған субсидиялардан белсене пайдаланып келмекте.
Бундай жойбарлар ишки базарды турақлы тәмийинлеў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм жергиликли өним ислеп шығарыўды кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги