Мәмлекетимизде исбилермен ҳаял-қызлардың саны артпақта

Соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызларды экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың финанслық еркинлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликтеги белсендилигин арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Буның нәтийжесинде мәмлекетте ҳаял-қызлар басшылығындағы киши кәрхана ҳәм микрофирмалар саны жылдан-жылға артып бармақта.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-январь жағдайына Өзбекстанда ҳаял-қызлар басшылығындағы киши кәрхана ҳәм микрофирмалар саны 43 мың 860 ға жеткен. Бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 2 мың 611 ге көп. Бул өсиў мәмлекетте исбилермен ҳаял-қызлар ушын жаратылып атырған имканиятлар, қоллап-қуўатлаў бағдарламалары, процентсиз кредитлер, бийпул оқыў курслары, субсидиялар ҳәм еркин экономикалық зоналардағы қолайлы шараятлардың нәтийжеси болып есапланады.
Мәмлекет тәрепинен ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў мақсетинде арнаўлы кредит системалары жолға қойылған. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламалары шеңберинде көплеген ҳаял-қызлар өз бизнесин баслаў ушын финанслық жәрдем алды. Ҳаял-қызларға санаат зоналарында өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жумысын баслаўы ушын жер майданлары ажыратылмақта. Бул олардың бизнесин баслаўдағы тийкарғы тосқынлықлардан бирин сапластырады.

Ҳаял-қызлар басшылығындағы кәрхана ҳәм фирмалардың саны ҳәр бир ўәлаятта ҳәр қыйлы. Ҳаял-қызлар исбилерменлигиниң раўажланыўында жетекши орынды Ташкент қаласы 12 мың 814 киши кәрхана ҳәм микрофирмалар менен ийелемекте. Ташкент қаласында исбилерменлик орталығы ҳәм қолайлықлар жоқары болып, көплеген ҳаял-қызлар хызмет көрсетиў ҳәм саўда тараўында табыслы жумыс алып бармақта.
Кейинги орынды пайтахтқа жақынлығы ҳәм экономикалық аймақлардың бар екенлиги менен Ташкент ўәлаяты ийелеген. Самарқандта да туризм ҳәм өнерментшилик тараўында жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлардың саны артып бармақта ҳәм ўәлаятта ҳаял-қызлардың басшылығында киши кәрхана ҳәм микрофирмалардың саны 3 мың 905 ке жетти.
Бул тек ғана экономикалық жумыста ҳаял-қызлардың орны беккемленип атырғанын емес, ал мәмлекет экономикасының әҳмийетли сегментинде олардың салмақлы үлеси бар екенлигин көрсетеди. Ҳаял-қызлар исбилерменлиги төмендеги тараўларда белсенди көзге тасланбақта. Түрли хызметлер бойынша 17 мың 239 кәрхана, саўда тараўында 17 мың 161, санаат тараўында 5 мың 464 ҳәм басқа да тараўларда 3 мың 996 кәрхана жумыс алып бармақта.
Бул көрсеткишлер соны аңлатады, хызметлер тараўы ҳаял-қызлар ушын ең қолайлы ҳәм дәраматлы тараў болып қалмақта. Бул тараў ҳәр қыйлы хызмет түрлерин, соның ишинде, гөззаллық салонлары, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, IТ ҳәм басқа да көплеген бағдарларды өз ишине алыўы мүмкин. Саўда тараўы болса хызметлер тараўынан тек ғана 78 кәрхана менен артта. Бул болса көпшилик ҳаял-қызлар усақлап сатыў ҳәм көтере саўда бағдарларында белсенди екенин, бул тараў оларға қысқа мүддетте пайда келтиретуғын ҳәм кириў аңсат болған бағдар сыпатында көрилип атырғанын аңлатады. 2025-жылдың басына келип, ҳаял исбилерменлер басқарыўындағы кәрханалардың өнимди сатыўдан түскен сап дәраматы 47,7 триллион сумды қурады. Бул көрсеткиш 2024-жылдың усы дәўири менен салыстырғанда дерлик 10,1 триллион сумға артқан.
Өзбекстанда ҳаял-қызларды экономикалық турмысқа кеңнен тартыў мәмлекеттиң улыўма социаллық-экономикалық раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе. Исбилермен ҳаял-қызлардың көбейиўи тек ғана шаңарақлық дәраматларды арттырып қоймастан, ал жаңа жумыс орынларының жаратылыўына, хызметлердиң сапасының жақсыланыўына ҳәм жәмийетте теңлик принциплериниң беккемлениўине хызмет етеди.
Ҳаял-қызлар басшылығындағы киши кәрханалар санының көбейиўи ҳаял-қызлардың жәмийеттеги белсенди орны, олардың социаллық ҳәм экономикалық турмыстағы ролин күшейтиўге қаратылған сиясаттың өнимли нәтийжеси болып табылады. Келешекте де бул бағдардағы реформалар, әсиресе, қаржылай қоллап-қуўатлаў, көнликпелерди раўажландырыў ҳәм гендер теңлигин үгит-нәсиятлаў арқалы исбилермен ҳаял-қызлардың саны және де артыўы күтилмекте.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА