Аўыл хожалығында гезектеги мәўсимге таярлық басланды

2026-жылғы өним ушын аўыл хожалығы жумысларына системалы түрде старт берилди. Бүгин Төрткүл районындағы “Кўна Тўрткўл” ҳәм Әмиўдәрья районындағы “Чойкўл” аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында жайласқан “Тўрткўлли Қутлымурат Хўдайберген” ҳәм “Чойкўл Дўстлик” фермер хожалықларында әмелий көргизбели семинар болып өтти, – деп мағлыўмат береди Әмиўдәря районы Мәлимлеме хызмети бөлими.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья районларының ҳәкимлери, тараў жуўапкерлери қатнасты.
Семинар шеңберинде гүзги бийдай егиў жумысларын сапалы шөлкемлестириў, агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм бар жер майданларынан үнемли пайдаланыў мәселелери додаланды. Соның менен бирге, ғаўаша майданларында дефолиация процесслерин басқышпа-басқыш ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў арқалы келешектеги өнимдарлықты арттырыўға қаратылған усыныслар берилди.
Илаж қатнасыўшылары әмелий процесслерди бақлаў менен бирге өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды, сондай-ақ, аймақларда орынланыўы зәрүр болған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Семинар жуўмағында дийқанлар үлкен үмит ҳәм жақсы нийетлер менен жерге бийдай туқымын себиўге киристи. Бундай илажлар тек ғана тәжирийбе алмасыў емес, ал аўыл хожалығында жоқары нәтийжелерге ерисиўге хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги