Интернет арқалы жәрдем – саўап па ямаса алдаўшылық па?

Ҳәзирги күнде интернет, социаллық тармақлар ҳәм мобиль қосымшалар арқалы мүтәж инсанларға жәрдем көрсетиў бираз ғалаба ен жайған. Әсиресе, турмыс шараяты аўыр болған, аўыр кеселликке шатылған ямаса жалғыз қалған инсанлар ҳаққындағы видеолар ҳәм постлар социаллық тармақларда тез тарқалмақта. Бундай жағдайларда жүрегинде мийрим-шәпәәти бар ҳәр қандай адам, әлбетте, жәрдем қолын созғысы келеди.
Бирақ, тилекке қарсы, саўаплы ислер менен бир қатарда алдаўшылық жағдайлары да көбеймекте. Жалған видеолар, жалған жетимлер ҳәм жалған мүтәжлер… Саўаплы исти нықап етип, инсанлардың исениминен пайдаланып атырған инсанлардың бар екенлиги ашынарлы ҳақыйқат.
Интернет арқалы жәрдем бул үлкен имканият. Алыста жасайтуғын туўысқаныңыз ямаса бийтаныс мүтәжге тез жәрдем жеткериўиңиз мүмкин. Банк картасы, төлем ушын ҳәр қыйлы қосымшалардан бир неше секундларда пул жеткерип бериў мүмкин. Усы қолайлықлардың пайда болғаны, әлбетте, жәрдем имканиятларын кеңирек ашып береди. Адамлар социаллық тармақларда өз танысларын тартып, көбирек жәрдем жыйнай алады. Бирақ бул имканиятлар менен бирге қадағалаўдың жоқ екенлиги де бар. Ким пул жиберген, ким алғанын анықлаў қыйын, әсиресе бул жеке карта номерлер арқалы әмелге асырылса.

Мине, усы жағдайда жақсы нийетли адамларды алдап, мүтәж инсанлардың атынан пул жыйнаў жағдайлары да көбеймекте. Мысал ушын, жалған видеолар, алдаўшы блогерлер, бир неше мәрте пайдаланылған “жәрдем гүрриңлери” ўатанласларымызды исенимсизликке, саўап ислеўден қорқыўға алып келмекте.
Машқала тек ғана алдаўшыларда емес, биз әпиўайы пуқаралар, көзимизге жас келгенде дәрҳал пул жиберип, соңынан “алдаўшылар көбейип кетти” деўимиз де… Бундай жағдайлардың алдын алыў ушын бәринен бурын, ҳәр бир пуқара сақлық илажларын билиўи ҳәм әмел етиўи керек. Анықлық киргизилмеген видеоларға исенбеў ҳәм усы сыяқлы жағдайларда “Бул қай жер”, “Аты-жөни ҳақыйқый ма?”, “Жасап атырған мәҳәллеси тастыйықланған ба?” сыяқлы сораўларды берип көриў керек. Қалаберди, рәсмий қорлар, қайырқомлық қорлары арқалы жәрдем жибериў ашық-айдынлықты тәмийинлейди. Фондлар жәрдемди кимге, қанша берилгенин рәсмий ҳүжжетлер арқалы көрсетеди.
Дурыс, биз ҳәр бир жағдайды тексерип таба алмаймыз. Бирақ тек ғана көз жумып кетиў де надурыс. Тиккелей карталар айланысы арқалы пул өткериўден алдын керекли тексериў керек. Биз берип атырған жәрдемимиз көп ямаса аз болыўына қарамастан ҳақыйқый мүтәж инсанларға жетип барыўы керек. Бул жағдайда сезимге емес, ақылға сүйениў керек. Жәрдемге мүтәж инсанның көз жасы, дәртли гүрриңи, балаларының жағдайы жүректи өртегени менен, қарар қабыл етиўде ақылды қолланыў керек.
Ҳақыйқый мүтәжлер көп. Олар бизиң жәрдемимизге ҳақыйқаттан да мүтәж. Солай екен, ҳәр биримиз ақылға уғрас, абайлы ҳәм жуўапкершилик пенен қатнас жасасақ, ҳақыйқый мүтәжлерге жәрдем берип, алдаўшыларды әшкаралаўымыз ҳәм өзимизди де, басқаларды да алдаўдан сақлаўымыз мүмкин.
Дилдора Дўсматова,
ӨзА