Нызамға бойсыныў – тыныш турмыс кепили

139

Жынаят ислери бойынша Төрткүл районы судының тергеў судьясы Б.Сабуров тәрепинен райондағы “Уллыбағ” мәҳәллесинде көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Бул ретки суд мәжилиси әдеттеги суд имаратында емес, ал халық арасында – мәҳәлледе шөлкемлестирилди. Мақсет – ҳуқықбузарлық ислеген пуқараларды жазалаў менен бирге, қалғанларға сабақ болыўы, нызамға болған ҳүрметти және де беккемлеў.

Мәжилис даўамында Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 131, 183, 185 ҳәм 202-статьяларында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықларды ислеген 5 шахсқа жуўапкершилик мәселеси көрип шығылды. Судья ислерди терең талқылап, ҳәр бир ҳуқықбузарға ислеген қылмысына жараса 5 суткадан 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасын тайынлады.

Усы көшпели суд мәжилисине гүўа болған мәҳәлле халқы да өз көзи менен көрип, нызам бузылса, жаза сөзсиз екенлигин аңлап жетти. Олардың айтыўынша, бундай суд мәжилислери жәмийетте тәртип-интизамды тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

– Нызам ҳәммемиз ушын бирдей. Егер ҳәр биримиз өз миннетимиз ҳәм жуўапкершилигимизди билсек, шаңарақта да, мәҳәлледе де, пүткил жәмийетте де тынышлық болады,-дейди мәҳәлле белсендилери.

Атап өтилгениндей, бундай көшпели суд мәжилислериниң тийкарғы мақсети – ҳуқықбузарларды жазалаўдан гөре, оларда нызамларға ҳүрмет сезимин оятыў, келешекте бундай жағдайлар қайталанбаўына ерисиў болып табылады.

Солай екен, ҳәр бир пуқара ҳуқық ҳәм миннетлерин аңлап, нызамларға әмел етсе, турмысымыз және де абат, тыныш болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги