Муғаллимлер ҳәм оқыўшылар ушын жарыс ҳәм саяхат шөлкемлестирилди

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы тәрепинен Спорт министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен «Әҳмийетли 90 күн» жойбары шеңберинде 22-23-август күнлери спорттың стол тенниси, волейбол ҳәм көп гүрес түринен спорт жарыслары өткерилди.
Оның ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, бир қатар тараў басшылары, профессор-оқытыўшылар ҳәм устаз тренерлер шығып сөйлеп, жарыстың әҳмийетине тоқтап өтип, қатнасыўшы команда ағзаларына әўметлер тиледи.

Мақсет – усы жыл 15-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған «Әҳмийетли 90 күн» бағдарламасы ҳәм «Саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, ғалабалық спорт түрлерин кеңнен ен жайдырыў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў болып есапланады.
Жарысқа Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларынан келген дене тәрбиясы муғаллимлери ҳәм мектеп оқыўшыларынан дүзилген командалар қатнасты.
Илаждың екинши күни жарыс қатнасыўшылары ушын Хожели районы аймағында жайласқан Миздахқан археологиялық комплексине саяхат шөлкемлестирилди, ярым финал ҳәм финал басқышлары болып өтти.
Саяхат барысында қатнасыўшылар бул археологиялық комплекс ҳаққында кең түрде түсиникке ийе болды ҳәм өзлери ушын естелик сүўретлерине түсип, пикир алысып, кеўилли дем алды.



Филиалда жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтип, жеңимпаз спортшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, кубок, медаль ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сыйлықлаў мәресими көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги