«Ҳудудгаз Қарақалпақстан»: Газ тармақларын мәўсимге таярлаўда мобиль лабораториядан кеңнен пайдаланылмақта

Гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларға бир тегис тәбийғый ҳәм суйылттырылған газ жеткерип бериўде дус келетуғын машқалалардың алдын алыўда газ тармақларын техникалық тексериўден өткериў әҳмийетли саналады.
Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир жақты күннен нәтийжели пайдаланған тараў қәнигелери орынларда газ тармақларына ири оңлаў, қурылыс-реконструкциялаў жумыслары менен бирге, машқалалы аймақлардағы газ тәмийнаты менен байланыслы мүрәжатларды үйренип, оларды сапластырыў жумысларына итибар қаратпақта.
Сондай-ақ, тараў қәнигелери тәрепинен тутыныўшыларды үзликсиз тәбийғый газ бенен тәмийинлеў бойынша белгилеп алынған реже тийкарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Оларға жеткерип берилип атырған газдиң сапасын жақсылаў, тәбийғый газден қәўипсиз пайдаланыў, газ тармақларының жарамлылығын анықлаў ҳәм газдиң тесип шығыў жағдайларын сапластырыў бойынша арнаўлы мобиль лаборатория жәрдеминде қала ҳәм районларда жыл басынан 4297,7 километрлик газ тармақлары көзден өткерилди. Соннан 124,2 километрлик газ тармақлары жер астында, ал 3052,5 километрлик газ тармақлары жер үстинде жайласқан.
Тексериўлерлер даўамында 272 жағдайда газ тармақларынан газдиң тесип шығыў жағдайлары анықланып, тараў қәнигелери тәрепинен өз ўақтында сапластырылды. Нәтийжеде 152 мың метр куб газдиң үнемлениўине ерисилди. Бул бағдардағы жумыслар орынларда даўам еттирилмекте.

Әлбетте, бул алып барылып атырған жумыслар негизинде алдымыздағы гүзги-қысқы мәўсим дәўиринде тутыныўшылардың жанылғы энергетикасына болған талабын қанаатландырыў, тәбийғый газден унемли ҳәм қәўипсиз пайдаланыў болып табылады. Бул бағдардағы жумыслар республикамыздың басқа да қала ҳәм районларында қызғын даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.